Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Эркабай Таджиев басшылығында Төрткүл районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
2290
Республика прокуроры «Уллыбағ» аўылында жайласқан халыққа суйылтырылған газ баллонларын ҳәмде көмир тарқатыў шақапшасы жумыслары менен танысып, көмир ҳәм газ баллонларын турақлы түрде жеткерип берилиўин тәмийинлеўди нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.
Сондай-ақ, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде «Сақаўат ҳәм көмек фонды» ҳәмде қайырқомлар есабынан алыс аймақлардағы хожалықларға көмир, суйылтырылған газ баллонлары, биринши дәрежели керекли азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.
Қәўендерлер тәрепинен «Көкше», «Пахтаабат», «Жанбасқала» ҳәм «Қумбасқан» аўыллында 48 жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ плита, ысытыў печлери, кийим-кеншеклер тарқатылды. Сондай-ақ, үй шараятында билим алып атырған оқыўшылар ҳалынан хабар алынып, оларға оқыў қураллары, китаплар, оқыў партасы ҳәм доскалар тапсырылды.
Сондай-ақ, денсаўлығында машқаласы бар пуқараларға дәри-дармақ, емлеўханада емлениўин тәмийинлеў мақсетинде жолламалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети