Жоқарғы Кеңес Баслығы Инвестиция, санаат ҳәм экспорт мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы Инвестиция, санаат ҳәм экспорт мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1400
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Инвестиция, санаат ҳәм экспорт мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Өткерилген мәжилисте инвестиция бағдарламасына киргизилген жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўи, туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын өзлестириў бойынша белгиленген режелердиң орынланыўы, экспорт прогнозының орынланыўы ҳаққындағы мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, республикамыз экономикасын беккемлеў, экспорт потенциалын асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм пуқаралардың дәраматын арттырыўда жаңа инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўиниң әҳмийети айрықша.
Жоқарғы Кеңес Баслығы айырым орынларда жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи ҳәм инвестициялық қаржылардың өзлестирилиўиндеги артта қалыўшылық жағдайларының ушырасып атырғанлығын, сондай-ақ, айырым банк басшылары тәрепинен исбилерменлер алдында бюрократиялық тосықларды пайда етип атырғанлығын қатаң сынға алды ҳәм тийисли тараў ўәкиллерине бул жағдайларды сапластырыў бойынша анық тапсырмаларды берди.
Бүгинги күнде қала ҳәм районлардың қәнийгелесиўинен келип шыққан ҳалда ҳәр-бир аймақтың драйвер тараўлары белгилеп берилген. Бирақ, айырым қала ҳәм районлар тәрепинен 2023-жылда иске түсирилетуғын жойбарлардың дизими ислеп шығылғанда драйвер тараўлар бойынша жойбарлар жайластырылмаған.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 10-январь күнги өткерилген видео-селектор мәжилисинде быйылғы жылы санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин өткен жылға салыстырғанда 112 процентке асырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул тапсырмаларды орынлаўда аймақларда ҳәрекеттеги санаат кәрханларын толық қуўатта ислеўин тәмийинлеў, олардың қуўатлықларынан дурыс пайдаланыў ҳәм жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барыў талап етиледи.
Белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис жумысларды орынлаўда жол қойған кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласы, Қоңырат районы ҳәм Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслықлары интизамый жазаға тартылды.
Сондай-ақ, Қанлыкөл, Тақыятас, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслықларының жумысларын көрип шығыў, зәрүр жағдайда интизамый жазаға тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге, инвестициялық жойбарларға кредит қаржыларын ажыратыўда ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлерге жол қойғаны ушын Халық банки Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм Санаат қурылыс банк Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслықларын интизамый жазаға тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша да тапсырмалар берилди.
Мәжилис жуўмағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары, Пәрман ҳәм норматив ҳүжжетлерде көрсетилген ўазыйпаларды орынлаўды тәмийинлеў бойынша режелер белгилеп алынды.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети