Дийқан базарларында саўда ярмаркалары даўам етпекте
1421
Бүгинги күндеги суўық ҳаўа райы жағдайында пуқаралардың азық-аўқатлық өнимлерге болған талабы артады.
Сонлықтан, Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы халқымызды сапалы, арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ушын орынларда азық-аўқат ярмаркалары шөлкемлестирилип, халқымыз дастурханына азық-аўқат өнимлери жеткерип берилиўи жолға қойылған.
Саўда ярмаркаларында мийўе-палыз ҳәм басқа да биринши дәрежели керекли болған азық-аўқат өнимлери арзан баҳада пуқараларға сатылмақта. Сондай-ақ, тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен базарларда өнимлер баҳасының тийкарсыз көтерилиўиниң алдын алыў бойынша турақлы қадағалаў жумыслары жүргизилип атыр.
Атап айтқанда, усындай ярмаркалар жумысларын көзден өткериў бойынша тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен Мойнақ, Қараөзек, Беруний, Бозатаў, Шоманай дийқан базарларында қадағалаў жумыслары алып барылды.
Республикамыздың басқа орынларында да азық-аўқат өнимлери ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети