Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар исбилерменлер менен ушырасты
2010
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың барлық орынларынан келген бир қатар исбилерменлер менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен исбилерменлик субъектлери ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, өз бизнесин жолға қойыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде болған баслама ийелери ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредит қаржылары, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылыўы тийис жойбарлар бойынша сөз етилди.
Сонғы жыллары елимизде ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўында жаңа жойбарларды иске түсириў мақсетинде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, исбилерменлерге жеңиллетилген тәртиплерде кредит қаржыларын ажыратыў кеңнен жолға қойылған.
Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-апрельдеги “Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин буннан былайда кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-212-санлы қарары тийкарында республикамызда жәми 188 жойбарды әмелге асырыў белгилеп алынды.
Буннан тысқары, 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы 213-санлы Пәрманын орынлаў мақсетинде жәми 565 жойбар тастыйықлап алынған болып, бул пәрман менен елимиз исбилерменлерине өз искерлигин жүргизиў ушын бир қатар жеӊилликлер ҳәм имканиятлар белгилеп берилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 10-январь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйылғы жылда ҳәр бир қала ҳәм районлар ҳакимлери тәрепинен кеминде 50 млн АҚШ доллары муғдарында инвестицияларды өзлестириў бойынша тапсырмалар берилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларының потенциалы, тәбийий ресурслары ҳәм басқа да имканиятларынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылыўы мүмкин болған жойбар усыныслары ислеп шығылды ҳәм усы тийкарда 50 жойбар таңлап алынды.
Өткерилген илажда исбилерменлерге усы таңлап алынған жойбарлар бойынша кең түсиник берилип, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар менен берилген салық жеңилликлери, кредит қаржыларын өзлестириў тәртиби, бул бағдарда мәмлекетлик активлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Мәжилисте сондай-ақ, “Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин буннан былайда кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўы бойынша жумыслар көрип шығылды. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў хәм бул бағдардағы ушырасып атырған машқалалар кең түрде талқыланып, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети