Халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табыў бойынша ийгиликли жумыслар бүгин Төрткүл районында баслап жиберилди
2411
Бүгинги күнде мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, бундағы тийкарғы мақсет халқымыздың бүгинги күнинен, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта Төрткүл районында 1245 км узынлықтағы жоллар бар болып, соннан, 874 км топырақ жоллар, 154 км қум-щебень араласпалы жол, 136,2 км асфальтобетон қапламалы жол ҳәм 6,8 км бетон қапламалы жолларды қурайды.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтиң басламасы менен Төрткүл районы халқын жыллар даўамында қыйнап келген, жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы топырақ жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында жақсы ис басында барлық тийисли тараў басшылары қатнасыўында ушырасыў өткерилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановлар қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарары шеңберинде Төрткүл районында 21,17 км узынлықтағы жолларда оңлаў жумыслары, соннан 4,3 км асфальт, 16,9 км жолға қум-щебень араласпасы төселиўи, 29,3 км узынлықтағы суў тармақларын жаңадан тартыў ҳәм реконструкциялаў, 2 суў душшыландырыўшы объектин реконструкциялаў, 2 мәҳәлле имаратын, 12 км пиядалар жолын қурыў, 2 дана трансформаторды жаңалаў, бир аймаққа пиядалар көпирин қурыў ҳәм 3 км узынлықтағы газ тармағын оңлаў режелестирилген. Бул жумысларды әмелге асырыўға 33 млрд. 187 млн.сўм қаржы ажыратылған ҳәм жумыслар баслап жиберилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин еледе жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы 500-санлы қарары шеңберинде район орайындағы 41 км узынлықтағы 102 топырақ көшелерди қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў белгиленген.
Буннан тысқары, елимизде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басламасы менен жолға қойылған “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде райондағы шараяты аўыр шаңарақларды қыс мәўсиминен бийзыян алып шығылыўын тәмийинлеў, материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ-жайларын оңлап, зәрүрлерин шиферлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша да ўазыйпалар белгилеп алынған болып, бул жумыслар бүгинги күнде турмыста әмелий көринисин таўып атыр.
Ҳәр бир пуқара бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарындағы ийгиликли басламаларды бүгинги күнниң өзинде сезиниўи керек ҳәм бул әмелде өзиниң тастыйғын таўып атыр. Басланып атырған жумыслар да мине усы жоқары мақсетлерди гөзлеген түрде жолға қойылып, мәмлекетлик реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети