Тақыятас районы орайындағы мектепке қосымша имарат қурып берилди
2758
Тақыятас районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби райондағы ең көп оқыўшы билим алатуғын билимлендириў орны болып, бүгинги күни мектепте 1800 ден аслам оқыўшы оқып билим алмақта. Бирақ, район орайында халық санының өсип барыўы нәтийжесинде мектепте оқыўшылар саны да көбейип, қосымша оқыў имараты зәрүрлиги пайда болған еди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 98-санлы қарары тийкарында 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде капитал реконструкция жумыслары есабынан 4 млрд. 973,7 млн. сумлық 540 орынлық қосымша мектеп имараты қурып питкерилди.
Имараттың ашылыў мәресимине тараў басшылары, мектеп жәмәәти ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа имараттың қурып питкерилиўи менен қутлықлады.
Буннан соң мийманлар мектеп имаратының ишки имканиятлары менен жақыннан танысты.

Мектеп имаратына қосымша ретинде жазғы спорт майданшасы, яғный, жасалма қапламалы киши футбол майданшасы қурып берилди.
Буннан соң мийманлар мектеп имаратының ишки имканиятлары менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети