Тақыятас районында Поликлиника имараты пайдаланыўға тапсырылды
1176
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, бир қатар қурылыс объектлери менен жақыннан танысты ҳәм айырым орынларда белгиленген режеден артта қалып атырған қурылыс объектлерин сынға алып, сапалы түрде тез арада жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берген еди.
Усы тийкарда район орайындағы көп тармақлы орайлық поликлиниканыӊ жаӊа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Отемисов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаӊа имараттыӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиӊ 2022-жыл 22-январьдағы “2022 — 2024-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында елимизде аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларын буннан былай да абаданластырыў, орынларда қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын қәлиплестириў, сондай-ақ, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўлар инвестицияларын кеӊнен тартыў арқалы жаӊа жумыс орынларын жаратыў, халықтыӊ турмыс шараятын жақсылаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға айрықша итибар қаратылмақта. Районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы орайлық поликлиниканыӊ баҳасы 5 миллиард 532 миллион сумлық жаӊа имараты сапалы етип қурып питкерилди.
Бул жерде 320 медицина хызметкери аймақтағы 73 мыӊ 500 халыққа басланғыш медициналық хызмет көрсетиўи ушын барлық шараят жаратылған. Күнине 150 ден аслам пуқараға медициналық жәрдем көрсететуғын поликлиникада ултрасес, гастроскопия, оториноларингология, травматология, кардиология, неврология, стоматология бөлмелери шөлкемлестирилген. Усы қәнигеликлердеги 40 тан аслам шыпакердиӊ халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўи ушын заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм керекли буйымлар менен тәмийинленген.
Илаж қатнасыўшылары жаӊа имаратта халыққа жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети