Жоқарғы Кеңес Баслығы экономикалық тараўларда әмелге асырылған жумыслар ҳәмде 2023-жылға белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1753
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев экономикалық тараўларда әмелге асырылған жумыслар ҳәмде 2023-жылға белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Өткерилген мәжилисте 2022-жыл жуўмағы менен экономикалық көрсеткишлердиң орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер, камбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары, исбилерменликти раўажландырыў, машқалалы кредитлердиң қайтарылыўы ҳәм субсидиялардың ажыратылыўы, бюджетке қосымша түсимлерди әмелге асырыў, олардың дереклерин анықлаў, базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм басқада мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, күн тәртибинде көрип шығылған мәселелер, биринши гезекте, белгиленген экономикалық көрсеткишлерге ерисиўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде ҳәмде исбилерменлердиң, әсиресе пуқаралардың дәраматларын арттырыўда айрықша орын ийелейди.
Өткерилген мәжилисте республикамыздың экономика тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, бар болған машқалалар ҳәм басқа да мәселелер сөз етилди.
Атап айтқанда, санаат тараўы бойынша 2022-жылға белгиленген прогноз көрсеткишиниң орынланыўы айырым районларда усы тараўда жумыслардың дурыс жолға қойылмағанлығы себепли өсим пәти тәмийинленбеген. Бир неше районларда өнимлерди қайта ислеўге ҳәм ислеп шығарыўға имканиятлары, жетистеретуғын шийки зат ресурслары толық жетерли болыўына қарамастан, санаат тараўында жетерли дәрежеде жойбарлар әмелге асырылмаған.
Мәжилисте мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартырыў бағдарында ҳәким жәрдемшилери лаўазымы енгизилип, жаңа система жаратылғанлығы атап өтилди. Бирақ, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы тийкарында 2022-жылда ажырытылыўы белгиленген жеңилликли кредит қаржылары талап дәрежесинде ажыратылмай, нәтийжеде кредит қаржылары өз ийелерине жетип бармаған. Егер, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен белсендилик көрсетилип, кредит қаржылары өз ийелерине жетип барғанда жаңа жумыс орынлары жаратылып, шаңарақлар турақлы дәрамат пенен тәмийинленген болар еди.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесинде айырым районларда артта қалыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығы да атап өтилди.
Буннан тысқары, мәжилисте бюджетке түсимлерди әмелге асырыў бағдарында тийисли тараў басшылары ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен жумыслардың дурыс шөлкемлестирилмегенлиги себепли, қосымша имканиятлардан толық пайдаланылмай атырғанлығы сынға алынды.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, 2022-жыл басына салыстырғанда исбилерменлик субъектлеринде ислеўшилер саны кемейип кеткенлиги, ал, банк системасында машқалалы кредит қарыздарлықлары бүгинги күнде өз ўақтында қайтарылмағанлығы да айрықша тилге алынды.
Усылар менен бир қатарда, 218 халатта жерлерден нәтийжели ҳәм белгиленген мақсетте пайдаланылмаған 55,3 гектар жер майданы елеге шекем ҳәкимликлердиң резерв фондларына қайтарып алынбаған. Буннан тысқары, ҳәкимликлердиң өз балансындағы жәми 1 мың 124 көшпес мүлклери усы күнге шекем мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген.
Видеоселектор мәжилисинде анықланған кемшиликлерди сапластырыў, бар болған машқалаларға шешим табыў, өз жумысына немқурайдылық пенен қарап атырған айырым басшылардың жумысларын үйренип шығыў ҳәм зәрүр жағдайда тийисли шаралар көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилис даўамында белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис жумысларды орынлаўда жол қойған кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қараған айырым район ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары менен ҳәким жәрдемшилерин интизамый жазаға тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилис жуўмағында экономикалық көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеў, камбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, машқалалы кредитлердиң өз ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў ҳәм басқа да бағдарларда көрсетилген ўазыйпаларды орынлаўды тәмийинлеў бойынша режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети