Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар талқыланды
1377
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.
Онда тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм районлық мәкеме, шөлкем баслықлары қатнасты.
Өткен жылы қала ҳәм районлар қатарында Қараөзек районында да мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмыс ушын шараят жаратыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер бойынша мәжилис өткерилген еди.
Онда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, орынлардағы тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Усы мәжилис баянламасы менен өзине жүклетилген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламай келген айырым лаўазымлы шахсларға интизамий жаза шаралары қолланылған еди. Буннан тысқары, Қараөзек районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында 11 жөнелис, 56 бәнттен ибарат “Жол картасы” тастыйықланды. Соннан, бүгинги күнде 41 бәнтте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленип, қалған 15 бәнттиң орынланыўы тәмийинленбеген.
Атап айтқанда, 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредит қаржыларының өзлестирилиўи, режелестирилген киши бизнес субъектлериниң ашылыўы толық тәмийинленбеген.
Буннан тысқары, мәжилисте өнимлер экспорты, “Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў бағдарламасы тийкарында “Есим” пуқаралар жыйынында көп қабатлы турақ-жайлардың қурылысы ҳәм басқада бир қатар ўазыйпалар орынланыўында артта қалыўшылық жағдайлары сынға алынды.
Қараөзек районында өткен жыл 7-октябрь күни өткерилген мәжилисте район потенциалын терең үйренген ҳалда бир қатар лаўазымлы шахслар ҳәм басшыларға халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Бирақ, үйрениўлер даўамында айырым жойбарлардың усы күнге шекем иске түсирилмегенлиги анықланған.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрь күнги қарары тийкарында Қараөзек районында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына муўапық 5 объектте баҳасы 6 млрд. 628,2 млн.сўмлық қурылыс оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген еди. Бүгинги күнде бул 5 объектте алып барылған қурылыс-оңлаў жумыслары қанаатландырарсыз дәрежеде орынланған.
Өткерилген мәжилисте тараў басшылары ҳәм жуўапкер шахслар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бирме-бир талқыланып, артта қалыўшылык жағдайлары сынға алынды.
Соның менен бирге жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм басқа да жөнелислер бойынша бир қанша баслы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў тийис екенлиги атап өтилди.
Мәжилис даўамында бүгинги күнде райондағы 13 пуқаралар жыйынында аўыр шараятта жасап атырған жәрдемге мүтәж 76 шаңараққа жәрдем көрсетиў, жалғыз баслы, бағыўшысынан айырылған, көп балалы, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, бул шаңарақлардың қыстың сынаўлы күнлеринен бийзыян шығыўын тәмийинлеў ҳәм бәҳәр басланыўы менен биринши нәўбетте турақ жайларын оңлап берип, турмыс машақатларын жеңиллетиў баслы ўазыйпалардан екенлиги айтып өтилди.
Өткерилген мәжилис жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети