Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды терең талқылады
1209
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.
Онда тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм районлық мәкеме, шөлкем баслықлары, район белсендилери қатнасты.
Өткен жылы Мойнақ районын, социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша мәжилис өткерилип, бир қанша тапсырмалар, соның ишинде, тараў ҳәм сектор басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 15 тапсырмадан 14 тапсырма орынланған.
Усы тапсырмалар қатарында райондағы “Мойнақ ЛДСП” кәрханасының иске тусирилиўи нәтийжесинде 230 турақлы жаңа жумыс орынлары, ҳәм район турғынларын қамыс жыйнаў жумысларына тартыў арқалы 1500 ден артық пуқаралардың мәўсимлик бәнтлиги тәмийинлениўи белгилеп берилип, ҳәзирги ўақытта жойбар иске түсирилди.
Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде районда айырым мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғанлығы, соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы сынға алынды.
2022-жылда Мойнақ районында “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредиттиң өзлестирилиўи, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 12 пуқаралар жыйынынан 9 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.
Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлық жүзеге келген. Районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 11 киши бизнес субъектиниң ашылыўы тәмийинленбеген. Буннан тысқары, жаңа өнимлерди экспортқа шығарыў бойынша жумыслар қанаатландырарсыз дәрежеде алып барылған. Сектор басшылары, районлық қаржы ҳәм ғазнашылық бөлимлери, ҳәким жәрдемшилери, коммерциялық банк филиаллары басшылары тәрепинен халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў белгиленген еди. Бирақ, үйрениўлер даўамында айырым жойбарлардың усы күнге шекем иске түсирилмегенлиги анықланған.
Өткерилген мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Үшсай аўыл пуқаралар жыйыны, Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды.
Мәжилис даўамында районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети