Мойнақ районында “MUYNAK LDSP” кәрханасының ашылыў мәресими болып өтти
2101
Сонғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Усы тийкарда Мойнақ районы “Бозатаў” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 50 гектар жер майданы ажыратылып, “MUYNAK LDSP” ЖШЖ тәрепинен жыллық қуўатлылығы 50 мың метр куб болған жәми баҳасы 81 млрд 208 млн. сумлық “Қамыстан ДСП ҳәм ЛДСП ислеп шығарыў” жойбары әмелге асырылды.
Бүгин “MUYNAK LDSP” кәрханасының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм жыйналғанларды жаңа кәрхананың иске түсиўи мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, “Өзсанаатқурылысбанк” тәрепинен 5 млн 402 мыӊ доллар кредит қаржылары ажыратылған жойбар тийкарында 230 турақлы, 1500 ден артық мәўсимлик жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген.
Бүгинги күнде кәрханада район пуқараларынан 70 адам жумыс пенен тәмийинленип, өз жумысын баслады. Сондай-ақ, толық қуўатлылықта жумыс басланғаннан кейин бар болған 160 вакант бос жумыс орынлары ҳәм мәўсимлик жумыс орынларында жергиликли пуқаралар жумыс ислеў имканияты жаратылып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети