Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоңырат районында экономика ҳәм инвестиция тараўларында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди
1033
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.
Онда тийисли мәкеме, шөлкем басшылары, районлық мәкеме баслықлары ҳәм район белсендилери қатнасты.
Өткерилген мәжилисте районның социаллық-экономикалық турмысында әмелге асырылған жумыслар, берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм басқада әҳмийетли мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, Қоңырат районында бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 21 тапсырманың 15 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дерегин жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы мәжилисте сынға алынды.
Онда бир қатар ҳәким жәрдемшилери пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған кредит қаржыларының өз ийелерине жетип барыўын жетерли дәрежеде жолға қоймағанлығы айтылып, сондай-ақ, өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Қырық қыз посёлка пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси ҳәм Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшисине интизамый жаза шарасы қолланылды.
Сондай-ақ, райондағы бир қатар басшы ҳәм лаўазымлы шахсларға жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша тапсырма етип белгиленген ўазыйпалар бойынша иске түспеген жойбарларды есабатларға киргизиў жағдайлары ушыраспақта.
Мәжилисте Қоңырат районында киши бизнес субъектлерин иске түсириў, шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, районда жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў ҳәм басқа да баслы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Қырық қыз посёлка пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси ҳәм Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшисине интизамый жаза шарасы қолланылды.
Мәжилис даўамында Қоңырат районында жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, пуқаралардың дәраматының асырылыўы сыяқлы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға хызмет етиўши басқа да бир қатар бағдарларда жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша сектор басшылары, тийисли мәкеме, шөлкем баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилерине тапсырмалар берилип, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли жумысларда шөлкемлескенлик пенен ўазыйпаларды орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети