Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Нөкис қаласын раўажландырыў бағдарындағы ўазыйпалар белгилеп алынды
1623
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда болып, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерип атыр.
Усы бағдарда гезектеги мәжилис Нөкис қаласында болып өтти.
Онда тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм қалалық мәкеме, шөлкем баслықлары, қала белсендилер қатнасты.
Өткен жылы Нөкис қаласында өткерилген ушырасыўда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Соның ишинде, Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери қарап шығылып, тараў ҳәм сектор басшыларына анық тапсырмалар жүклетилди.
Бүгинги күнде Нөкис қаласында 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 29 тапсырманың 20 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дерегине ийе болыўын жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылған. Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 64 пуқаралар жыйынынан 26 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.
Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлықлар артқан. Буннан тысқары, ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында тастыйықланған протоколына муўапық киши бизнес субъектлери санын 2 есеге арттырыў белгиленген. Бирақ, Нөкис қаласында өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 63 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбеген.
Тийисли басшыларға белгилеп берилген халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў жумысларында есабатларға қосып жазыўларға жол қойылған.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-июлдеги ПҚ-331-санлы қарарына тийкар мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик, ҳәм шарўашылық жөнелисиндеги исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шараятлар жаратыў, жумыс орынларын жолға қойыў, пуқаралардың дәраматын асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024 жыллар аралығында жәми 52 мәҳәлледе микро орайлар шөлкемлестирилиўи белгиленген. Соннан, Нөкис қаласында усы жылда бир мәҳәлледе иске түсирилиўи нәзерде тутылған микро орай шөлкемлестириў ушын усы күнге шекем бос турған имарат ямаса бос жер орны белгилеп алынбаған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы усы сыяқлы бир қатар қәте-кемшиликлерди сынға алды ҳәм өз ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қараған, жумысларында артта қалыўшылыққа жол қойған Сарбиназ МПЖ, Ели абат МПЖ, Дослық гузары МПЖ, Дослық МПЖ ҳәм Гулзар МПЖлардың ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды.
Соның менен бирге, мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Нөкис қаласын раўажландырыўдың баслы жөнелислери белгилеп берилип, анық ўазыйпалар тапсырылды.
Сондай-ақ, быйылғы жылда Нөкис қаласында “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында жәми 130,6 млрд.сўмлық жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылыўы, жаңа жумыс орынларының жолға қойылыўы, жаңадан киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў, инвестиция қаржыларын тартыў белгиленгенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында Нөкис қаласында раўажландырыў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети