Жоқарғы Кеңес Баслығы Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди
2045
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди.

Бүгинги күнде Хожели районында 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 24 тапсырманың 20 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, пуқаралардың дәраматын асырыў, кәмбағаллықтан шығарыў сыяқлы бир қатар бағдарларда кемшиликлерге жол қойылған.
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 26 пуқаралар жыйынынан 11 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи, 2022-жылда -3,6 млн. долларлық өнимлер экспорты тәмийинленбеген, сондай-ақ, 2023-жыл аймақлық инвестиция бағдарламасы тийкарында жойбарлардың мәнзилли дизими ислеп шығылғанда, райондағы имканиятлардан ҳәм қосымша резервлерден толық пайдаланылмағанлығы себепли 2-сектор аймағында тек ғана 10 жойбар, 4-секторда тек ғана 17 жойбар киргизилген.
Буннан тысқары, Хожели районы потенциялын терең үйренген ҳалда бир қатар лаўазымлы шахсларға жаңа киши жойбарларды иске түсириў тапсырмасы берилген болып, бүгинги күнде еле жумыс алып барыўы жолға қойылмаған айырым жойбарлар “иске түсти” деп есабатларға қосып жазылған.
Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың дәраматын асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Соның менен бирге жаңа жойбарларды иске түсириў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жумыс орынларын жаратыў, жаңа исбилерменлик субъектлериниң иске түсирилиўин тәмийинлеў бағдарындағы бир қатар жол қойылған қәте-кемшиликлер сынға алынды.
Мәжилисте экспорт прогнозы көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў ушын экспортёр кәрханаларды көбейтиў, экспортқа жаңа түрдеги өнимлерди шығарыў бойынша анық илажлар көриў, бунда, районның санаат потенциялынан кең пайдаланған ҳалда жаңадан ислеп шығарыў жойбарларын иске түсириўге айырықша итибар қаратып, быйылғы жыл экспорт көлемин өткен жылға салыстырғанда 2 есеге асырыў бойынша анық-есап китаплар ислеп шығылыўы керек екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети