Нөкис районында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында районды раўажландырыў бағдарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды
1860
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм районлық мәкеме, шөлкем баслықлары, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда айырым тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, өткен жылы район белсендилери ҳәм тийисли басшылар қатнасыўында өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемегенлиги ушын айырым лаўазымлы шахсларға қатаң жаза шаралары қолланылған еди.
Бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 17 тапсырманың 14 тапсырмасы орынланған ҳәм қалған 3 тапсырма еле ақырына жеткерилмеген. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылған.
“Тақыркөл”, “Төктаў”, “Арбашы”, “Қырантаў”, “Ақтерек” пуқаралар жыйынларында белгиленген реже тийкарында жумыслар толық орынланбағанлығы, сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлық артып баратырғанлығы, өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 25 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбегенлиги, талап дәрежесиндеги жаңа жумыс орынларының жаратылмағанлығы ҳәм басқа да жумыслардағы артта қалыўшылық жағдайлары сынға алынды.
Буннан тысқары, айырым лаўазымлы шахслар тарепинен иске түспеген киши исбилерменлик субъектлерин есабатларға жалған мағлыўмат киргизип, қосып жазыў жағдайлары бар екенлиги тилге алынды.
Президент қарары менен Нөкис районында усы жылдың 1 март сәнесине шекем “Ақманғыт” ҳәм “Бақаншақлы” мәҳәллелеринде микро орайлар шөлкемлестирилиўи белгиленгенлигине қарамай “Ақманғыт” мәҳәллесинде район ҳәкимлиги балансындағы бос турған белгилеп алынған имарат микро орай ушын ханалар ЛОТларға бөлинбей ҳәм белгиленген тәртипте аукцион саўдаларына шығарылмағанлығы, “Бақаншақлы” мәҳәллесинде микро орай шөлкемлестириў ушын бос турған имарат ямаса бос жер орны усы күнге шекем белгилеп алынбағанлығы сынға алынды.
Мәжилисте “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың даўамы сыпатында Нөкис районында да бир қатар әмелий жумыслар турмысқа енгизилетуғынлығы атап өтилди.
Өткерилге мәжилис даўамында өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети