Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Тахтакөпир районын раўажландырыў басқышларын белгилеп алыў бойынша мәжилис өткерилди
1088
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.
Онда тийисли министрлик, мәкеме,шөлкем басшылары, сектор ҳәм районлык мәкеме баслықлары қатнасты.
Мәжилисте 2022-жылы өткерилген ушырасыўда берилген тапсырмалардың орынланыўы, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги жумыслар, белгилеп берилген ўазыйпалар, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәм тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, Тахтакөпир районында 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 22 тапсырманың 18 тапсырмасы орынланған болып, соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дерегин жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылған. Соннан, 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредит қаржылары талап дәрежесинде өз ийелерине жеткерилмеген. Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 17 пуқаралар жыйынынан 9 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға сапары даўамында тастыйықланған протоколына муўапық киши бизнес субъектлери санын 2 есеге асырыў белгиленгенлигине қарамай, районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестирилиўи белгиленген 6 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбеген. 2022-жылда ашылған 122 киши бизнес субъектлеринен 10 субъект ҳәрекетсиз турған болса, 13 субъект өз искерлигин тоқтатқан.
Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар мәселелер ҳаққында сөз етилип, артта қалып атырған жөнелислер сынға алынды.
Өткерилген мәжилис даўамында өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Тахтакөпир районында 2022-жылда 1,4 млн. долларлық өнимлер экспорты тәмийинленбеген ҳәм белгиленген реже талап дәрежесинде орынланбаған. Өткен жылда 6 жойбар перспективасыз деп табылып, белгиленген инвестиция бағдарламасынан шығарылған. Сондай-ақ, 2023-жыл аймақлық инвестиция бағдарламасы тийкарында жойбарлардың мәнзилли дизими ислеп шығылғанда, райондағы имканиятлардан ҳәм қосымша қорлардан толық пайдаланылмағанлығы себепли 2-секторда тек ғана 4 жойбар киргизилгенлиги атап өтилди.
Болып өткен мәжилис даўамында тараўлардағы жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў бойынша тапсырмалар берилип, анық ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети