Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды терең талқылады
1725
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.
Өткен жылы Шымбай районын, социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша мәжилис өткерилип, бир қанша тапсырмалар, соның ишинде, тараў ҳәм сектор басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 15 тапсырманың 11 тапсырмасы орынланған.
Болып өткен мәжилисте бүгинги күнде районда айырым мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғанлығы, соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы сынға алынды.
2022-жылда Шымбай районында “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредиттиң өзлестирилиўи, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 22 пуқаралар жыйынынан 10 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.
Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлық жүзеге келген. Районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестирилиўи белгиленген киши бизнес субъектлериниң ашылыўы тәмийинленбеген. Буннан тысқары, жаңа өнимлерди экспортқа шығарыў бойынша жумыслар қанаатландырарсыз дәрежеде алып барылған. Сектор басшылары, районлық қаржы ҳәм ғазнашылық бөлимлери, ҳәким жәрдемшилери, коммерциялық банк филиаллары басшылары тәрепинен халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў белгиленген еди. Бирақ, үйрениўлер даўамында айырым жойбарлардың усы күнге шекем иске түсирилмегенлиги анықланған.
Өткерилген мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Шымбай районы ҳәкиминиң финанс-экономика хәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Мәжилис даўамында районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети