Кегейли районын раўажландырыў бағдарында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен ўазыйпалар белгилеп берилди
1522
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районын раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлерди жақсылаў бойынша мәжилис өткерди.
Онда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы бир қатар әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, Кегейли районында бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген ушырасыўда белгилеп берилген 29 тапсырманың 26 тапсырмасы орынланған болып, соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дерегине ийе болыўын жолға қойыў, кәмбағаллықтан шығарыў, жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў бағдарында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылған.
“Қумшүнгил”, “Ийшан қала”, “Нурлы бостан”, “Жылўан жап” пуқаралар жыйынларында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген. Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында тастыйықланған протоколға муўапық киши бизнес субъектлери санын 2 есеге арттырыў белгиленген. Бирақ, районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестирилиўи белгиленген 76 киши бизнес субъекттиң жумысы жолға қойылмаған. 2022-жылда ашылған 157 киши бизнес субъектлеринен 11 субъект ҳәрекетсиз турған болса, 5 субъект өз искерлигин тоқтатқан.
“Ақтуба”, “Жаңабазар”, “Жүзимбағ”, “Ийшан қала” пуқаралар жыйынлары ҳәким жәрдемшилери тәрепинен иске түспеген жойбарларды есабатларында қосып жазыўларға жол қойылған.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-июлдеги ПҚ-331-санлы қарарына тийкар мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық жөнелисиндеги исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шараятлар жаратыў, жумыс орынларын жолға қойыў, пуқаралардың дәраматын асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024 жыллар аралығында жәми 52 мәҳәллелерде микро орайлар шөлкемлестириў белгиленген. Соннан, Кегейли районында усы жылдың 1-март сәнесине шекем “Қумшүнгүл” мәҳәллесинде шөлкемлестирилиўи белгилеп алынған микро орай ушын район ҳәкимлиги балансындағы бос турған ески имараттың ханалары аукцион саўдаларына шығарылмаған, жыл жуўмағына шекем бир мәҳәлледе иске түсирилиўи нәзерде тутылған микро орай ушын усы күнге шекем бос турған имарат ямаса бос жер орны белгилеп алынбаған.
Мәжилисте өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономика хәм камбағаллықты қысқартыў бойынша биринши орынбасарына интизамый жаза шарасы қолланылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети