Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерип, ўазыйпаларды белгилеп берди
1139
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди.
Мәжилис күн тәртибинде Бозатаў районында жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында исбилерменлик субъектлери жумысларын жолға қойыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атыр. Әлбетте, бул реформалардың ҳәр бир шаңарақ, ең шеттеги аймақларда жасаўшы пуқаралардың үйлерине шекем кирип барыўында тийисли басшылардан үлкен жуўапкершилик ҳәм пидайылық, соның менен бирге халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында аўызбиршилик пенен жумыс алып барыў талап етиледи.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде баслы мақсет халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм олардың абаданлығын тәмийинлеў керек екенлигин айрықша тилге алып, ҳәр бир лаўазымлы шахс, ҳәр бир жуўапкер бул жолда жанкүйерлик пенен аянбай мийнет етиўи керек екенлигин атап өтти.
Бозатаў районын раўажландырыў бағдарында бир қанша әмелий жумыслар басланған. Бирақ, усыған қарамай айырым жөнелислерде артта қалыўшылық жағдайлары ушыраспақта.
Атап айтқанда, бүгинги күнге келип, 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 25 тапсырманың 19 тапсырмасы орынланған. Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақларда жасаўшы пуқаралардың дәраматын асырыў мақсетинде ажыратылыўы тийис болған жеңиллетилген кредитлердиң өз мәнзилине жетип барыўы толық тәмийинленбеген. Ал, “шарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлықлар жүзеге келген.
Районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестирилиўи белгиленген 7 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбеген, нәтийжеде хожалықларға кирип келиўи мүмкин болған дәрамат дереги өз ийелерине жетип бармаған. 2022-жылда ашылған 75 киши бизнес субъектлеринен 5 субъект ҳәрекетсиз турған болып, усы субъектлерден нәтийжели пайдаланыў жолға қойылмаған. Буннан тысқары, 2022-жылда 985 мың долларлық өнимлер экспорты тәмийинленбегенлиги себепли, жергиликли бюджет түсимлерине бул кери тәсирин тийгизбестен қалмаған. Районда мийнетке жарамлы пуқаралардан жумысқа мүтәж болғанлар көрсеткиши республика көрсеткишинен артып кеткен.
Буннан тысқары, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилиўи керек болған киши исбилерменлик субъектлериниң жумыслары жолға қойылды деп есабатларға қосып жазыў жағдайларына жол қойылған.
Мәжилис даўамында барлық басшыларға билдирилген сын пикирлерден жуўмақ шығарыў тапсырылып, алдағы ислениўи керек анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети