Билдириў!
1785
2023-жыл 29-январь күни Нөкис қаласындағы «Темир жол» МПЖ аймағындағы көп қабатлы үйде газ шақнаўы себепли жарылыў жүз берди. Ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Республика прокуроры, Айрықша жағдайлар басқармасы, Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия, мекеме-шөлкемлер менен Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери жетип барып, сол ўақыттың өзинде қутқарыў-излеў жумысларын алып барыў мақсетинде оператив ШТАБ дүзилип, барлық зәрүрли техника ҳәм исши күшлер мобилизация етилди.
Жарылыў жүз берген турақ жайда жасаўшы пуқаралар қәўипсиз орынға көширилип, оларға керекли дәри-дармақ өнимлери, үш мезгил ыссы аўқат ҳәм басқа да зәрүрли затлар Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен тәмийинленди.
Жүз берген аўыр жағдай ақыбетинде 3 пуқара бетон конструкциялар арасынан оператив түрде алып шығылып, емлеўханаға жеткерилди ҳәм шыпакерлердиң руқсаты менен үйлерине жуўап берилди. Соның менен бирге 5 жасар қыз аўыр бетонлар астынан қутқарып алынды. Ҳәзирги ўақытта ол шыпакерлер қадағалаўында. Бахытсыз ҳәдийсе себебли қулап түскен бетон конструкциялар астында 5 пуқара мезгилсиз дүньядан көз жумды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қайтыс болған инсанлардың ата-ана, туўған-туўысқанлары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди. Жәбирленгенлердиң тез арада саламатлығын тиклеп, аяққа турыўын тилеп қалады.
Ўақыя ақыбетинде жүзеге келген жағдайды сапластырыў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўында алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси