Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында ең шетки алыс аймақлардың бири болған Қумбасқан аўылында кең көлемли қурылыс оңлаў ҳам абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди
1132
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз бойынша көшпели қабыллаўлар өткерип, пуқаралардың тилек-өтинишлерин тыңлап, машқалаларына шешим табыў илажларын көрип атыр. Усы тийкарда ең шетки алыс аймақ турғынларының машқалаларына да шешим табылып, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелий жумыслар даўам етпекте.
Қысқа ўақыт ишинде Жоқарғы Кеңес Баслығы ең шетки Шуқырқақ, Қоструба аўыллары, Қарақалпақстан, Жаслық посёлкалары сыяқлы алыс аймақ турғынларының машқалаларын тыңлап, бул машқалалар көпшилиги сапластырылды. Халық ийгилиги жолында жумыслар даўам еттирилмекте.
Өткен 2022-жыл ақырында республиканың ең шетки аймақларынан бири болған Төрткүл районы Қумбасқан аўылында да көшпели қабыллаў өткерилип, онда аймақ халқының жасаў шараятын жақсылаў бойынша машқалалар тыңланып, пуқаралар тәрепинен аймақтағы ишки жолларды оңлаў, электр ҳәм ишимлик суўы тармақларын жетилистириў улыўма айтқанда инфраструктураны жақсылаў бойынша мүрәжатлар билдирилген еди.
Әйне усы билдирилген мүрәжатларға тийкар аўыл турғынларының бүгинги турмысынан, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Қумбасқан аўылында кең көлемли жумыслар баслап жиберилди. Бул баслама тийкарында ең баслысы, пуқараларды жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табылады.
Атап айтқанда, аўылдағы көшелерге асфальт ҳәм қум-щебень (ЩПС) араласпасын төсеў, электр энергиясы тәмийнатын жетилистириў бағдарында тармақ кабельлери ҳәм темир бетон бағаналарды жаңалаў, ишимлик суў жеткерип берилиўин жақсылаў, 50 ге шамалас жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын шиферлап бериў, үйлерин оңлаў сыяқлы жумыслар әмелге асырылыўы режелестирилди ҳәм дәслкепки жумыслар баслап жиберилди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, жақында Төрткүл районы ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилген еди.
Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарары шеңберинде Төрткүл районындағы ишки жолларда оңлаў жумыслары, суў тармақларын жаңадан тартыў ҳәм реконструкциялаў, суўды душшыландырыўшы объектлерди реконструкциялаў, мәҳәлле имаратларын, пиядалар жолын қурыў, трансформаторларды жаңалаў ҳәм газ тармақларын оңлаў режелестирилгенлиги район халқы ушын және бир жақсы жаңалық болды.
Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўға 33 млрд. 187 млн.сўм қаржы ажыратылып, жумыслар баслап жиберилген ҳәм усы қарар тийкарда Қумбасқан аўылында да бир қатар жойбарлар әмелге асырылады.
Ҳәзирги ўақытта белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша барлық тараў ўәкиллери тәрепинен жумыслар даўам еттирилмекте ҳәм бул жумыслар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўында турмыста өз сәўлесин табады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети