Жоқарғы Кеңес Баслығы билимлендириў тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы билимлендириў тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1607
Елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың орынларда әмелге асырылыўын тәмийинлеў, келешегимиз болған жасларымызға сапалы билим бериў баслы ўазыйпаларымыздан саналады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы билимлендириў тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда билимлендириў тараўында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған илажлар, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳәм шешимин күтип турған машқалалар ҳаққындағы мәселелер сын көз-қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде мектепке шекемги билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емес. Яғный, айырым районлардағы пуқаралар жыйынларында елеге шекем балалар бақшасы шөлкемлестирилмеген.
Атап айтқанда Нөкис қаласындағы “Қос көл”, “Өрнек”, Төрткүлдеги “Наўрыз” ҳәм “Тынышлық”, Тахтакөпирдеги “Қос труба” ҳәм “Даўытсай”, Хожели районындағы “Жүзимзар” пуқаралар жыйынларында бақша шөлкемлестирилмеген. Нәтийжеде усы пуқаралар жыйынларындағы жәми 626 бала балалар бақшаларына қамтып алынбаған. Нәтийжеде балалардың жоқары тәлим-тәрбия алыўына тосқынлық болмақта.
Мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы бир қатар кемшиликлер сынға алынды. Соның менен бирге улыўма билим бериў мектеплери жумыслары да қарап шығылды.
Улыўма билим бериў мектеплериниң билимлендириў сапасын анықлаў ушын енгизилген миллий рейтинг нәтийжелери бойынша 2021-жылы Қарақалпақстан 10-орынды ийелеген. Бул нәтийже аймағымыздағы көпшилик мектеплерде елеге шекем билим бериў сапасының төмен екенлигинен дерек бермекте. Рейтинг нәтийжеси бойынша Мойнақ, Шымбай ҳәм Тақыятас районы ең төмен нәтийже көрсеткен.
Усылар менен бир қатарда, Нөкис қаласы ҳәм районлардағы айырым мектеплерде оқыўшыларды қамтып алыў коэффициенти белгиленген нормадан зыят болмақта. Бул да бүгинги күнде тараўда ушырасып атырған машқалалардан саналып, өз гезегинде мектеплерде сменалар санының артыўына, класслардың жетиспеўшилигине алып келмекте. Буннан тысқары, оқыўшы жаслар арасында жынаятшылық, өз жанына қаст етиў жағдайлары жүз бермекте.
Мектепте билимлендириўдиң сапасын арттырыўда педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы алдына үлкен ўазыйпалар жүклемекте. Деген менен, бүгинги күнде бул орайда тийкарғы штатта жумыс ислеўши педагог хызметкерлердиң илимий потенциалы төмен дәрежеде қалмақта. Сондай-ақ, елимизде жасларды орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынларына қамтып алыў арқалы оларды кәсип-өнерге үйретиў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
2022-жылы орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынларының 803 педагог хызметкеринен 39 оқытыўшы тәжирийбесин арттырыў курсларынан өтпеген.
Бул бағдарда Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў регионаллық орайы тәрепинен әмелге асырылыўы тийис жумыслар талап дәрежесинде орынланбаған.
Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтының Нөкис филиалы тәрепинен 2022-жылы жәми 2164 педагог кадрлардың тәжирийбесин арттырыў белгиленген болса да жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмеген.
Өткерилген мәжилис даўамында мәмлекетлик тест орайының аймақлық бөлими жумыслары, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм жоқары оқыў орынларында алып барылып атырған тәлим-тәрбия ҳәм илимий изертлеў жумыслары талап дәрежесинде емес екенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети