Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.
Онда тийисли министрлик, комитет, басқарма басшылары ҳәм районлық мәкеме, шөлкем баслықлары қатнасты.
Өткен жылы қала ҳәм районлар қатарында Беруний районында да мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмыс ушын шараят жаратыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер бойынша мәжилис өткерилген еди.
Онда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, орынлардағы тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Усы мәжилис баянламасы менен өзине жүклетилген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламай келген айырым лаўазымлы шахсларға интизамий жаза шаралары қолланылған еди. Буннан тысқары, Беруний районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында белгилеп берилген 20 тапсырма берилип, бүгинги күнде бул тапсырмалардың 17 тапсырмасы орынланған.
Атап айтқанда, 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредит қаржыларының өзлестирилиўи, режелестирилген киши бизнес субъектлериниң ашылыўы толық тәмийинленбеген.
Беруний районында өткен жылы өткерилген мәжилисте район потенциалын терең үйренген ҳалда бир қатар лаўазымлы шахслар ҳәм басшыларға халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Бирақ, үйрениўлер даўамында айырым жойбарлардың усы күнге шекем иске түсирилмегенлиги анықланған.
Өткерилген мәжилисте тараў басшылары ҳәм жуўапкер шахслар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бирме-бир талқыланып, артта қалыўшылык жағдайлары сынға алынды.
Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарап, белгиленген ўазыйпаларды орынламай, халық абаданлығы ушын хызмет етиўи керек қаржыларға жуўапкершиликсиз қарағаны ушын Беруний районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары қатаң ескертилди ҳәм мүддет берилди. Буннан тысқары, барлық ҳәким жәрдемшилери жумысларын үйренип шығыў, зәрүр болса нызамлы жаза шарасын қоллаў бойынша тийисли уйымларға тапсырма берилди.
Соның менен бирге жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм басқа да жөнелислер бойынша бир қанша баслы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў тийис екенлиги атап өтилди.
Өткерилген мәжилис жуўмағында барлық жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети