Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл районында экономика ҳәм инвестиция тараўларында әмелге асырылып атырған жумысларды сын көз қараста көрип шықты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл районында экономика ҳәм инвестиция тараўларында әмелге асырылып атырған жумысларды сын көз қараста көрип шықты
1592
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.
Өткерилген мәжилисте районның социаллық-экономикалық турмысында әмелге асырылған жумыслар, берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм басқада әҳмийетли мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, Төрткүл районында бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 15 тапсырманың 12 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дерегин жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы мәжилисте сынға алынды.
Онда бир қатар ҳәким жәрдемшилери пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған кредит қаржыларының өз ийелерине жетип барыўын жетерли дәрежеде жолға қоймағанлығы айтылды. Сондай-ақ, Төрткүл районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы қатаң ескертилип, өз жумысларын қайта жолға қойып алыўы ушын мүддет белгиленди.
Бугинги қунге келип, райондағы бир қатар басшы ҳәм лаўазымлы шахсларға жаңа жойбарларды иске түсириў бағдарында тапсырма етип белгиленген ўазыйпалар бойынша иске түспеген жойбарларды есабатларға киргизиў жағдайлары ушыраспақта.
Мәжилисте Төрткүл районында киши бизнес субъектлерин иске түсириў, шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, районда жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў ҳәм басқа да баслы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Мәжилис даўамында Төрткүл районында жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, пуқаралардың дәраматының асырылыўы сыяқлы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға хызмет етиўши басқа да бир қатар бағдарларда жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша сектор басшылары, тийисли мәкеме, шөлкем баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилерине тапсырмалар берилип, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли жумысларда шөлкемлескенлик пенен ўазыйпаларды орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети