Елликқала районында өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен районды раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди
Елликқала районында өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен районды раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди
1061
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районын раўажландырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди.
Бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 24 тапсырманың 18 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылмақта.
Районда ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 37 пуқаралар жыйынынан 31 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.
- “Шуқырқақ”, “Коинот”, “Ақ алтын”, “Дослық”, “Жасорат”, “Ығбал”, “Топырақ қала”, “Қос қора”, “Истиқлол”, “Жаңа Өзбекстан”, “Гулистан”, “Елликқала”, “Ықлас”, “Шопан” пуқаралар жыйынларында жеңиллетилген кредит қаржылары көрсеткишлери төмен дәрежеде қалмақта.
Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлықта артып кеткен. Районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 168 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбеген. 2022-жылда ашылған 352 киши бизнес субъектлеринен 32 субъект ҳәрекетсиз турған болса, 26 субъект өз искерлигин тоқтатқан.
Жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша белгиленген тапсырмаға муўапық киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў жумысларында есабатларға жалған мағлыўмат киргизиў жағдайлары ушыраспақта, нәтийжеде исбилерменлик субъектлери иске қосылмай, жаңа жумыс орынлары жаратылмаған.
Бунда район ҳәкими, район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, район ҳәкиминиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, районлық мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы, “Амир абат” пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси ҳәм басқа да бир қатар мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери жалған мағлыўмат киргизген.
Елликқала районында Президент қарарына муўапық, усы жыл 1-март сәнесине шекем “Елликқала” мәҳәллесинде шөлкемлестирилиўи режелестирилген микро орай ушын белгилеп алынған халық билимлендириў бөлими балансындағы бос турған имараттың ханалары аукцион саўдаларына шығарылмаған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы сондай-ақ, районда жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық жойбарларды ҳәм киши исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, мәҳәллебай ислеў арқалы халықтың дәраматын асырыў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.
Сондай-ақ, бос турған, өз жумысын тоқтатқан объектлерди аукцион саўдаларына шығарыў, оларда халыққа пайдасы тийетуғын жойбарларды иске түсириў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети