Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Әмиўдәрья районында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп берилди
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Әмиўдәрья районында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп берилди
1032
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, районда кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Онда өткен жылы районда Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында өткерилген мәжилисте берилген тапсырмаларды орынлаўда артта қалыўшылық жағдайлары, есабатларға қосып жазыўлар ҳәм басқа да қәте-кемшиликлер сынға алынды.
Бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 26 тапсырманың 5 тапсырмасы орынланбаған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылмақта. Атап айтқанда 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредиттиң өзлестирилиўи, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 49 пуқаралар жыйынынан 37 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында тастыйықланған протоколына муўапық киши бизнес субъектлери санын 2 есеге асырыў белгиленген. Бирақ, районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 301 киши бизнес субъекттиң ашылыўы жолға қойылмаған. 2022-жылда ашылған 347 киши бизнес субъектлеринен 22 субъект ҳәрекетсиз турған болса, 17 субъект өз искерлигин тоқтатқан. Буннан тысқары, 2022-жылда 2,4 млн. долларлық өнимлер экспорқа шығарылмаған, 10 ири жойбар болса перспективасыз деп табылып, белгиленген инвестиция бағдарламасынан шығарылған.
Бир қатар басшылар тәрепинен халыққа пайдасы тийетуғын киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў белгиленген болып, 73 жойбар иске түсирилди ҳәм 220 жумыс орны жаратылды деп есабатларға қосып жазылған. Бирақ, үйрениўлер даўамында айрым проектлердиң усы күнге шекем түсирилмегенлиги анықланған.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-июлдеги ПҚ-331-санлы қарарына тийкар мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық жөнелисиндеги исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шәраятлар жаратыў, жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың дәраматын асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024 жыллар аралығында жәми 52 мәҳәллелерде микро орайлар шөлкемлестирилиў белгиленген. Соннан, Әмиўдәрья районында усы жылда еки мәҳәлледе иске түсирилиўи нәзерде тутылған микро орай шөлкемлестириў ушын усы күнге шекем бос турған имарат ямаса бос жер орны белгилеп алынбаған.
Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарап, белгиленген ўазыйпаларды орынламай, халық абаданлығы ушын хызмет етиўи керек қаржыларға жуўапкершиликсиз қарағаны ушын Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары қатаң ескертилди ҳәм өз жумысын қайта көрип шығыў, тапсырмаларды мүддетинде орынлаў бойынша мүддет берилди. Буннан тысқары, барлық ҳәким жәрдемшилери жумысларын үйренип шығыў, зәрүр болса нызамлы жаза шарасын қоллаў бойынша тийисли уйымларға тапсырма берилди.
Мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен районды раўажландырыў бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети