Беруний районында гидропоника усылында помидор жетистирилмекте
1628
Бүгинги күнде пуқараларымыздың сапалы азық-аўқат өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде жаңа инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм усы арқалы мол өним алыў менен тығыз байланыслы.
Бул бағдарда гидропоника усылында өним жетистириў де өзине тән жөнелислерден бири болып есапланады. Гидропоника усылында өним жетистириў биринши гезекте бар болған тәбиий ресурсларды үнемлеў имканиятын береди.
Беруний районында "Кашфиётчи ёшлар" жеке меншик кәрханасына қараслы гидропоника усылындағы ыссыхана тәрепинен халқымыз дастурханына аўыл хожалығы өнимлери жеткерип берилип келинбекте. Ыссыхана 2017-жылда Корея технологиясы тийкарында иске түсирилген болып, онда помидордың гамма сорты жетистириледи.
Ыссыханада қыс мәўсиминде жетистирилип атырған помидор өнимлери алдыңғы жылларда тек ишки базарға бағдарланған болса, 2023-жылдан баслап экспортқа шығарыў режелестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети