«Миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм халықлар дослығы» ураны астында дослық фестивалы болып өтти
«Миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм халықлар дослығы» ураны астында дослық фестивалы болып өтти
2528
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм халықлар дослығы» ураны астында дослық фестивалы болып өтти.
Онда «Қазақ», «Рус», «Украин» , «Түркмен», «Кореец» мәдений миллий орайларынан бир қатар ўәкилллер қатнасты.
Өткерилген фестивалда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетимизде 130 дан артық миллет ўәкилллери бир шаңарақ перзентлериндей болып, тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара аўызбиршиликли түрде жасап атырғанлығы, Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеўге өз үлесин қосып киятырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, елимизде ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин тәмийинлеў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, мәдениятлары, үрп-әдет, дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылып берилгенлиги айрықша тилге алынды.
Илажда сөзге шыққанлар, Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, жәмийетте миллетлераралық татыўлық, өз-ара ҳүрмет, меҳир-мүриўбет, тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, социаллық-руўхый саламат орталықты тәмийинлеў, бүгинги күнде халықты разы қылыў ушын елимизде алып барылып атырған реформалар унамлы нәтийжесин берип атырғанлығы ҳаққында кең түрде түсиник берди.
Соның менен бир қатарда, фестивал шеңберинде мәдений-миллий орайлардың көргизбеси ҳәм белсенди студент-жаслардың концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети