Жоқарғы Кеңес комитетиниң мәжилиси өткерилди
1684
Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниӊ мәжилиси болып ѳтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Отемисов ашты ҳәм алып барды.

Онда 2022-жыл даўамында пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша әмелге асырылған илажлар ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаевтиң мәлимлемеси тыӊланды.

Өткерилген мәжилисте атап өтилгениндей, Нѳкис қаласында 33 мәҳәлле имаратын (“Әмиўдәрья”, “Алтын жағыс”, “Каттагар”, “Айдын жол”, “Ақ отаў”, “Бес төбе”, “Жайхун”, “Тунғыш қоныс”, “Жеке терек”, “Қутлы қоныс”, “Қум аўыл”, “Ели абат”, “Саманбай”, “Ҳаўа жолы”, “Наўқан бағ”, “Гузар”, “Дослық”, “Ата мәкан”, “Таслақ”, “Ватанпарвар”, “Аманлық гузары”, “Қос көл”, “Алланияз Қаҳарман”, “Туран”, “Теле орай”, “Өрнек”, “Алмазар”, “Дарбент”, “Гулзар”, “Наўрыз”, “Көк өзек”, “Қумбыз аўыл”, “Шығыс” мәкан пуқаралар жыйынлары) қурыў ушын жер орынлары ажыратылып бүгинги күнде қурылыс жумыслары алып барылмақта. Соның ишинде 3 мәҳәлле имараты (“Алтын жағыс”, “Әмиўдәрья” ҳәм “Телеорай”) қурылыс жумыслары толық жуўмақланған болса, 30 мәҳәлледе қурылыс жумыслары 70 пайызға орынланған. Сондай-ақ, усы 38 мәкан пуқаралар жыйынларының барлығында имаратлардың қурылыс жумысларын қысқа мүддетлерде жуўмақлап, пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте.
Барлық мәкан пуқаралар жыйынлары 100 пайыз интернет тармағына жалғанып, 68,8 пайызы яғный 44 пуқаралар жыйыны хызмет телефонлары менен тәмийинленген болса, 10 мәҳәлледе тозыўы жеткен мебель буйымлары ҳәм компьютер топламларын тез арада заманагөй зәрүр инвентарлар менен тәмийинлеў белгиленген.

Мәжилистде комитет ағзалары ѳзлерине қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2022-жыл даўамында пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша әмелге асырылған илажлары ҳаққындағы мәлимлемеси бойынша тийисли қарар қабыл етти.




Барлық мәкан пуқаралар жыйынлары 100 пайыз интернет тармағына жалғанып, 68,8 пайызы яғный 44 пуқаралар жыйыны хызмет телефонлары менен тәмийинленген болса, 10 мәҳәлледе тозыўы жеткен мебель буйымлары ҳәм компьютер топламларын тез арада заманагөй зәрүр инвентарлар менен тәмийинлеў белгиленген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети