Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыл хожалығы тараўындағы жумысларды сын көз қараста талқылады
1646
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аўыл хожалығы тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда аўыл ҳәм суў хожалығы, шарўашылықты раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳәм де усы тараўлардағы шешимин күтип турған машқалалар ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Сонғы жыллары елимизде аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўға базар қатнасықларын кеңнен ен жайдырыў, инновациялық технологияларды тартыў бағдарында кең көлемли реформалар алып барылмақта.
Аўыл хожалығы тараўында усындай ийгиликли жумыслар даўам етип атырған бир ўақытта, айырым бағдарларда, атап айтқанда, азық-аўқат кәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарларымызда тутыныўға сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў бағдарында орынларда әмелге асырылып атырған айырым жумыслар талап дәрежесинде жүргизилмей атыр. Өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бул бағдардағы жумыслар кең түрде қарап шығылып, кемшиликлер сын көз-қараста талқыланды.

Атап айтқанда аўыл хожалығы егинлериниң жайластырылыўы бойынша бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылған. Соннан, өткерилген мониторинг нәтийжеси бойынша өткен 2022-жылда тастыйықланған аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў бойынша реже толық орынланбаған.
Яғный, бийдай, картошка, палыз өнимлери, дәнли егинлер, собықлы өсимликлер ҳәм майлы егинлер режеге салыстырғанда кем егилген. 11 районда ҳәкимлик резервиндеги егислик жерлерине ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егилиўине жол қойылған. Буннан тысқары, бағшылық жөнелисиндеги жумыслар да талап дәрежесинде орынланбаған.
Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Хожели районларында режеде белгиленбеген болса да, нызамсыз салы егилип, нәтийжеде халыққа зәрүр тийкарғы азық-аўқат өнимлери ушын суў жетип бармаған.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, аўыл хожалығы егинлериниң дурыс жайластырылмаўы ҳәм режедеги егинлердиң толық егилмеўи нәтийжесинде ҳәр жылы халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабының тәмийинлениў дәрежеси төмен болып қалмақта.
Соның менен бирге, 2022-жылы дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын белгиленген 462 гектар жер майданлары ажыратылмастан қалған. Режеге салыстырғанда талап дәрежесинде салы тапсырылмаған. Булардан тысқары, өткен 2022-жылда нызамсыз салы еккен субъектлерге қолланылған жәрийма толық өндирилмеген.
Сондай-ақ, пахташылық ҳәм ғәлле жетистириў жөнелисиндеги жумыслар да қанаатландырарсыз дәрежеде шөлкемлестирилген. Кластерлер тәрепинен фермерлерге берилиўи керек қарыздарлық толық берилмеген.
Шарўашылықты раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған илажлар да бүгинги күнниң талабына жуўап бермейди. Ең ашынарлысы, 59 шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықларында 1 бас та қара мал жоқ. Районларда 8 шарўашылыққа қәнигелескен ҳәм 4 қусшылыққа қәнигелескен комплекслер пайдаланбай бос турғанлығы анықланған. Усылар менен бир қатарда, 179 шарўашылық хожалықларында режеде белгиленбеген 3 639 гектар майданға салы еккен факт анықланған.
Ыссыхана шараятында өним жетистириў дәрежеси де республика бойынша талап дәрежесинде жолға қойылмаған.
Мәжилис даўамында усы сыяқлы бир қатар жөнелислердеги қәте-кемшиликлер сынға алынды. Әсиресе, суў тамтарыслығы дәўиринде суў хожалығы тараўында бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы нәтийжесинде суўдан үнемли пайдаланбаў жағдайы көбейгени айрықша сынға алынды. Ең ашынарлысы, «Әмиўдәрья» дәрьясы бойына қурылған 120 дана насос агрегатларының 47 данасы нызамсыз қурылғанлығы анықланған.
Агрокластерлер жумыслары, аўыл хожалығы тараўына инвестиция жойбарларын енгизиў, өнимлерди экспортқа жибериў, агрологистика орайларын раўажландырыў ҳәм заманагөй лабораториялар санын көбейтиў бойынша жумыслар да қанаатландырарсыз дәрежеде қалмақта.
Мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыл хожалығы тараўындағы бар болған кемшиликлерди сапластырыў, быйылғы егис мапазында өткен 2022-жылда жол қойылған кемшиликлерди болдырмаў, белгиленген режеге муўапық жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў, ең баслысы, барлық орынларда нызам үстемлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети