Хожели районында кәсипке оқытыў орайының ашылыў мәресими болып өтти
1770
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 20-январь күни мектеплерде шет тиллерин ҳәм кәсипке үйретиў системасын раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген мәжилисинде берилген тапсырмаларды орынлаў мәксетинде Хожели районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы мектептиң бос турған имаратын реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
Қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, имаратта Кәсипке оқытыў орайы шөлкемлестирилди.
Бүгин усы Кәсипке оқытыў орайының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды қутлықлады ҳәм орайда оқыўшылар менен сәўбетлесип, олар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Айтыў орынлы, бул орайда оқыўшы-жасларды жәми 7 бағдар бойынша қәсипке уйретиў белгиленген болып, соннан, усташылық, шет тилин уйрениў, мобил телефон оңлаў, хаял-қызлар шәштәрезханасы, тигиўшилик ҳәм кондитер өнимлерин писириў сыяқлы жөнелислер бойынша оқыўшылар касипке бағдарланады. Буннан тысқары, мектеп аймағында қояншылық, қусшылықты раўажландырыў ҳәм де ыссыханада өним жетистириў жөнелислери бойынша да кәсип үйретиў белгилеп алынған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы мектепте жасларды кәсипке бағдарлаў бойынша кеңирек билим бериў, жаңа бағдарларды енгизиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети