Түркменстаннан Өзбекстан Республикасына 52 вагонда 2000 тонна суйылтырылған газ жиберилди
1269
Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы жақын қоңсышылық қарым-қатнасықларын еле де беккемлеў мақсетинде Түркменстан Президентиниң тийисли пәрманы менен Өзбекстан Республикасына 52 вагонда 2000 тонна суйылтырылған газ жиберилди.
Вагонларды Нөкис темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында нураныйлар менен тараў жуўапкерлери салтанатлы түрде күтип алды.
Әҳмийетлиси 26 вагон яғный 1000 тонна суйылтырылған газ Қарақалпақстан Республикасындағы алыс аймақларда жасаўшы, газ жетип бармаған шаңарақларға бийпул тарқатылады.
Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасындағы дипломатиялық қатнасықлардың орнатылғанлығына саррас 30 жыл толды.
Бүгинги күнге келип Түркменстан менен әмелге асырылып атырған дослық байланыслары жоқары басқышқа көтерилип атыр. Еки дос мәмлекетлер арасында мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы бирге ислесиўди жоқары басқышқа алып шығыў, экономикалық қатнасықларды буннан былайда раўажландырыў, перспективалы жойбарларды ислеп шығыў бағдарында тарийхый жумыслар әмелге асырылды.
Усы орында айтып өтиў керек, бүгинги күнде мәмлекетимизде жасап атырған 130 дан артық миллет ўәкиллери арасында 200 мыңнан аслам түркмен миллети ўәкиллери елимиздиң раўажланыўы жолында мийнет етип келмекте. Соннан, Қарақалпақстан Республикасы аймағында да туўысқан түркмен миллетинен болған ўатанласларымыз аўызбиршиликли түрде халқымыз бенен бирге татыўлықта жасап келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети