Жәрдемге мүтәж 598 шаңарақтың тәбийғый газ төлемлери ушын 832,9 млн.сўм ҳәм 143 шаңарақтың электр энергиясы төлемлери ушын 70,5 млн. сўм төлеп берилди
878
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2022-жылдың 15-декабрь күни «Аймақларда жанылғы энергиясы тәмийнатын жақсылаў, исбилерменлик ҳәм санаатты раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары хаққында»ғы кеңейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисиниң протоколы тапсырмалары ҳәмде 2023-жылдың 16-январь күни энергия ресурслары тәмийнаты бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм районларда ҳаўа-райының кескин суўытыўы ақыбетлерин жумсартыў ҳәмде халыктың кем тәмийинленген қатламын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын мүтәж шаңарақларға тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы төлемлерин төлеп бериўде әмелий жәрдем көрсетиў белгилеп алынған еди.
Усыған тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары қабыл етилип, 2023-жыл январь айында ҳаўа райының кескин суўытыўы ақыбетлерин жумсартыў ҳәмде халықтың мүтәж қатламын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммунал төлемлерди төлеў қәбилети төмен болған, жәрдемге мүтәжлиги бар 598 шаңарақтың тәбийғый газ төлемлери ушын 832,9 млн.сўм ҳәм 143 шаңарақтың электр энергиясы төлемлери ушын 70,5 млн. сўм төлеп берилди.
Бунда социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақлар барлық мәҳәллелер кесиминде үйренип шығылып шешим қабыл етилди.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы, бүгинги күнде республикамыз аймағында халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атыр. Бул бағдардағы ийгиликли жумысларға еледе даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети