Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳаял-қызлардың жәмийетте тутқан орны ҳәм олар менен байланыслы машқалаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳаял-қызлардың жәмийетте тутқан орны ҳәм олар менен байланыслы машқалаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
3506
Өткерилген мәжилисте ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў ҳәм бул бағдарда шешимин күтип турған машқалалар ҳаққындағы мәселелерди қарап шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Бүгинги күнде ҳаял-қызларымыздың жәмийетимизде алып барылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар процесинде, басқарыў системасында, исбилерменлик, илим-пән, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм басқа да барлық тараўларда белсендилиги артып бармақта. Болып өткен мәжилисте де бул атап өтилип, усы жөнелистеги бир қатар мәселелер сын көз-қараста көрип шығылды.
Соңғы жыллары ҳаял-қызлар саламатлығын беккемлеў бойынша бир қанша жумыслар алып барылып атырғанлығына қарамай, олар арасында айырым кеселликлер жылдан-жылға көбейип бармақта.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлериниң Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары жумысларыныӊ баҳалаў рейтинглери нәтийжелери үйренилгенде айырым районларда көрсеткишлер төмен дәрежеде қалмақта. Буннан тысқары, бир қатар мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының рейтинг нәтийжелери қанаатландырарлы емес.
Мәжилисте ҳаял-қызларға субсидия ажыратыў, ҳаял-қызларды турақ-жайлар менен тәмийинлеў мәселелери талап дәрежесинде емес екенлиги сынға алынды.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, үйрениўлер нәтийжесинде “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ҳаял-қызларға исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредит қаржыларынан айырымлары мақсетсиз жумсалғанлығы анықланған.
Нөкис қаласы ҳәм басқа районларда исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди реализация етиўге әмелий жәрдемлер көрсетилмеген. Сондай-ақ, 2022-жыл даўамында өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызлар бойынша Бозатаў, Мойнақ, Шоманай районларында көрсеткиш төмен дәрежеде қалмақта.
Бүгинги күнде 603 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерден 5 шөлкем ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў тараўында жумыс алып бармақта. Бирақ, бул шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў, жәмийетте ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы жумыслар талап дәрежесинде емес.
Усылар менен бир қатарда, айырым орынларда өткен 2022-жылы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген – деп есабатларға қосып жазыўларға жол қойылған. Ең ашынарлысы, бул бәнтлиги тәмийинленди деп көрсетилген ҳаял-қызлар 1 айдан соң және жумыссыз қалған.
Буннан тысқары, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине қараслы Моно-орай, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетине қараслы “Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайы” жумыслары да күтилген нәтийжени бермей атыр.
Усылар менен бир қатарда 2022-жылы “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген
жумыссыз ҳаял-қызлардан айырымлары тек ғана 1 айлық жәмийетлик жумысларға тартылған.
Соны айрықша атап өтиў керек, айырым районлар тәрепинен “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген, кредит алыўды қәлеўши ҳаял-қызларға талап етилетуғын жеңиллетилген кредитлер толық ажыратылды деп есабатларға қосып жазыўға жол қойған. Ҳәттеки, Берунийде руўхый кеселлиги бойынша диспансер есабында турған 1 ҳаял-қызға кредит ажыратылған деп есабатқа мағлыўматлар киргизилген. Қанлыкөл районында болса, бағыўшысы болмаған, майыплығы болған ҳәм қарамағында майып перзенти болған шахсларға берилетуғын материаллық жәрдем пуллары берилди деп есабатқа қосып жазғанлығы анықланған.
Келтирилген кемшиликлер бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тараў жуўапкерлерине анық ўазыйпалар белгилеп берилип, өз жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша мүддет берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети