Тақыятас районында кең көлемли қурылыс-оңлаў хәм абаданластырыў жумыслары даўам етпекте
1045
Жақында Ферғана ўәлаятының «Baxodir Log‘on Tekstil» кластеринен Тақыятас районының аўыр аймақлары есапланған “Нурлы келешек” МПЖ, Кенегес аўылы ҳәм “Қусшылық” МПЖ “Әскерий қалаша” аўылларының социаллық турмыс шараятын жақсылаў ҳәм инфраструктураларын жаңалаў ушын қайырқомлық жәрдем есабында 45 жүк автомашинасында қурылыс ҳәм азық аўқат өнимлери кәрўаны жетип келген еди.
Усы алып келинген қурылыс материаллары менен бүгин аймақта абаданластырыў жумыслары баслап жиберилген.
Атап айтқанда, мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын шиферлаў ҳәм оңлаў, ишки хожалық жолларға ЩПС (қум-щебен араласпасы) төсеў, электр бағаналары ҳәм тармақларын жаңалаў, ишимлик суўы тармағын тартыў ҳәм газ трубаларын оңлаў сыяқлы жумыслар баслап жиберилип, бүгинги күнде қызғын түрде даўам еттирилмекте.
Аймақта басланған жумыслар Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен елимизде алып барылып атырған «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы ийгиликли басламалардың даўамы десек алжаспаған боламыз. Усы басламалар тийкарында пуқараларымыздың жасаў шараяты жақсыланып, бүгинги турмысынан разылығы тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети