Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағындағы жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ҳәм бир қатар илимпазлар менен ушырасты
1716
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағындағы жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ҳәм бир қатар илимпазлар менен ушырасты.
Онда бүгинги күнде илим изертлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўға жаңа инновациялық идеяларды кеңнен тартыў, республикалық ҳәм халықаралық жойбарлар менен ислесиўди еле де жетилистириў, сондай-ақ, бар болған бир қатар машқалалар ҳаққында сөз етилди.
Атап өтиў орынлы, сонғы жыллары елимизде илим-пәнди еле де раўажландырыў, профессор-оқытыўшылар жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, оларды хошаметлеў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
2030-жылға шекем илим-пәнди раўажландырыў концепциясының қабыл етилгенлиги де өз нәўбетинде тараўға қаратылып атырған итибардың және бир айқын көриниси есапланады. Жаратылған жаңа система тийкарында тараўдың илимий хызметкерлериниң ис ҳақылары бир неше есеге көбейтилди, айрықша үстемелер белгиленди ҳәм барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Жаратылып атырған имканиятларға қарамай тараўда еле шешимин күтип турған машқалалар менен бир қатарда, жол қойылып атырған кемшиликлер де ушыраспақта. Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бул бағдардағы бир қатар кемшиликлер сынға алынды.
Атап айтқанда, жоқары оқыў орынлары ҳәм шөлкемлерде илимий дәреже бериўши Илимий Кеңеслер жумысларының қанаатландырарсыз дәрежеде екенлиги, республикамыз Өзбекстан көлеминде жоқары оқыў орынларының саны бойынша 4-орында турған болса да, профессор-оқытыўшыларының илимий потенциал көрсеткиши төмен дәрежеде екенлиги, рецензияланатуғын илимий әдебиятлардың бирден-бир «СКОПУС» мағлыўматлар базасының нәтийжелери бойынша Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында жумыс алып барыўшы профессор-оқытыўшылардың дүнья жүзиниң абырайлы журналларында жәрияланған илимий мақалаларынан дүнья жәмийетшилиги тәрепинен пайдаланыў дәрежеси оғада төмен көрсеткиште екенлиги тилге алынды.
Буннан тысқары, айырым профессор-оқытыўшылар илимий дәрежеге ерискеннен кейин илим менен шуғылланыўы төменлеп, жас илимпазларға устазлық етиўде, илимий конференцияларда өзиниң баянатлары менен қатнасыўда белсендилик көрсетпей атырғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, жасларға сапалы билим бериўде пән бойынша сабақлық ҳәм оқыў қолланбалардың жаратылмай атырғанлығы, жоқары оқыў орынлары тәрепинен жергиликли ҳәм халықаралық жойбарларда қатнасыў дәрежесиниң төмен екенлиги де сынға алынды.
Өткерилген ушырасыўда жол қойылған кемшиликлер менен бир қатарда республикамыз аймағында илим-пәнди еле де раўажландырыў бойынша пикир алмасылды. Онда бир қатар профессор-оқытыўшылар ҳәм илимпазлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы илим изертлеў ҳәм тараўды раўажландырыў бағдарында билдирилген ҳәр қандай басламаны қоллап-қуўатлайтуғынлын атап өтти.
Ушырасыў даўамында республикамыз аймағында илим изертлеў жумысларын системалы түрде әмелият пенен байланыслы раўажландырыў, әмелий нәтийжелер менен тийисли тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў бағдарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанында Илимий Кеңес дүзиў бойынша усыныс билдирилди ҳәм бул усыныс илимпазлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Қатнасыўшылар республика басшысының тараўға қаратып атырған итибары жоқары екенлигин атап өтип, өзиниң миннетдаршылығын билдирди ҳәм бундай ушырасыўларды жийи-жийи өткерип турыў бойынша усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети