Арал теңизиниң ултанын «жасыл липас»қа айландырыў бойынша жумысларға Жоқарғы Кеңес депутатлары өзлериниң үлесин қосып атыр
1711
Теңиз шегинсе де инсан шегинбейди. Бул уранның төркининде үлкен мазмун бар десек алжаспаған боламыз. Себеби, бүгинги күнде Арал апатшылығы дүнья жүзине өзиниң тәсирин қәншелли тийгизип атырған болса, усы апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша алып барылып атырған жумыслар көлеми де соншама артып атыр.
Жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл аймақларға айландырыў бойынша жумыслардың быйылғы жылғы мапазы баслап жиберилген еди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев басшылығындағы депутатлары усы ийгиликли басламаға өзлериниң үлесин қосыў мақсетинде бурын көгалай көк теңиз болған, ҳәзирги ўақытта қуў далаңлыққа айланған Арал теңизиниң қурыған майданларына барды.
Депутатлар Арал ултанында жасыл қапламаларды пайда етиў ушын жәўлан урып хызмет етип атырған мийнеткешлердиң ҳалынан хабар алып, оларға азық-аўқат ҳәм басқа да керекли өнимлерди тапсырды ҳәм кең майданға сексеўил, жыңғыл сыяқлы шөлге шыдамлы өсимликлерди егиўге кирисип кетти.
Сонғы жыллары Арал теңизи қурып кетиўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, теңиздиң қурыған түбинде жасыл қапламаларды пайда етиў ҳәмде дегредацияға ушыраған жерлерде экосистеманы тиклеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Басланған жумысларда ҳәр жылы Республика ўалаятларынан келген көмекшилер, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Абаданластырыў басқармалары ҳәм жергиликли пуқаралар қатнасып, бүгинги күнге шекем, яғный 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 млн. 624 мың гектар майданларға шөл өсимликлери егилген. Бүгинги күнде де бул жумыслар қызғын түрде даўам еттирилмекте.
Жасыл қапламаларды пайда етиўде қатнасып атырған Жоқарғы Кеңес депутатлары Арал ултанында мийнет етип атырған тараў пидайылары менен жақыннан сәўбетлести ҳәм олардың бул әмелге асырып атырған тарыйхый пидайылықлары өзиниң күтилгениндей нәтийжесин беретуғынлығына беккем исеним билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети