Жоқарғы Кеңес Баслығы мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметиниң жумысларына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
2121
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметиниң жумысларына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Күн тәртибинде дәслеп мүрәжатлар менен ислесиў бағдарында жол қойылған бир қатар қәте-кемшиликлер талқыланды.
Өткен 2022-жылы мүрәжатлар менен ислесиў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды тыңлаў, оларды қыйнап киятырған көп жыллық машқалаларын сапластырыў бойынша Халық мүрәжаты платформасы өз жумысын баслады ҳәм бүгинги күнде туўрыдан-туўры байланыс арқалы мәселелер шешимин таўып атыр.
Сонғы ўақытлары мүрәжатларды унамлы шешиў бойынша айырым басқарыў уйымларының көрсеткишлери төменлеп кеткен жағдайлары ушыраспақта.
Халық мүрәжаты платформасына келип түскен мүрәжатлардың мәселелери бойынша анализ етилгенде тийкарынан турақ-жай, бәнтлик ҳәм материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар айырым қала ҳәм районларда кескин көбейип баратырғанлығы анықланған.
Үйренилген мүрәжатлардың унамлы шешилиў дәрежеси қала ҳәм район ҳәкимликлери кесиминде қарап шығылғанда айырым орынларда талапқа жуўап бермейтуғын жағдайлары ушыраспақта. Елликқала, Шоманай, Беруний, Нөкис районларында мүрәжатлардың унамлы шешилиўи төмен дәрежеде. Соның менен бирге, мәжилисте айырым мүрәжатлардың көрип шығыў мүддетлери бузылыўы, жуўаплы хызметкерлер тәрепинен пуқаралар мүрәжатларына немқурайдылық пенен қараўы ҳәмде айырым жағдайларда билим дәрежеси жетерли болмағанлығы себепли тәкирарий мүрәжат етиў жағдайлары ушырасып атырғанлығы атап өтилди.
Өткерилген мәжилисте сектор басшылары тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўлардың нәтийжелилиги, айырым сектор басшылары тәрепинен пуқаралар мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилмегенлиги, соның менен бирге, исбилерменлер мүрәжатларына шешим табыўдың қанаатландырарсыз түрде алып барылып атырғанлығы сынға алынды.
Мәжилис күн тәртибинде кейинги мәселе жергилигикли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызмети жумысларының нәтийжелилигине арналды. Онда тараўдағы бир қатар қәте-кемшиликлер сынға алынды.
Бүгинги күнде дерлик барлық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының веб-сайтлары ескирген ҳәм оларда жәмийетшилик ушын әҳмийетсиз есапланған мағлыўматлар орын алмақта. Усы күнге шекем 10 мәмлекетлик уйымлардың веб-сайтлары жолға қойылмаған. 11 министрликтиң өз сайтында ашық мағлыўматлар ҳәм өз жумыслары менен байланыслы мәлимлемелер жарытылмаған ҳәмде жаңалықлар турақлы берилип барылмай атыр.
Бир катар жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының рәсмий веб-сайтлары киберқәўипсизлик талапларына жуўап бермейди ҳәм көзи әззилер ушын қолайлық жаратылмаған.
Сайтларға киргизилип атырған мағлыўматлар басқа дереклерден тек ғана көширип жәрияланып, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмуны, орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, пуқаралар мүрәжатларының шешими кең түрде сәўлелендирилмей атыр.
Соның менен бирге, өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды өз ўақтында халқымызға жеткермей, өз ўазыйпасын талап дәрежесинде орынламағаны ушын Елликқала районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметине қатаң жаза шарасын қоллаў, сондай-ақ, Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети баслығына интизамый жаза шарасын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге Медиа-режедеги тапсырмалардың орынланыўында жол қойылған қәте кемшиликлери, социаллық тармақларда билдирилип атырған сын пикирлерге рәсмий мағлыўмат бериўдеги немқурайдылығы ушын Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызметлерине де интизамый жаза шарасы қолланылды.
Өткерилген мәжилис даўамында жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уыймларының халық арасында жақыннан мүнәсибет орнатылыўын тәмийинлеў, халыққа исенимли қалыс мағлыўматларды өз ўақтында жеткерип барыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында алдағы әмелге асырылыўы керек ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети