Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды
2686
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде шөлкемлестириў мәселесине арналған мәжилис болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басқарып барды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Өтеўлиев Азамат Абилкасымович Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри лаўазымына тайынланды.
Өтеўлиев Азамат усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде жуўаплы лаўазымларда ислеп келген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети