Тақыятас районындағы аўыр аймақлар есапланған “Нурлы келешек” МПЖ, Кенегес аўылы ҳәм “Қусшылық” МПЖ “Әскерий қалаша” аўыллары бүгин шын мәнисинде қурылыс майданына айланған десек алжаспаған боламыз. Бул аймақларда Ферғана ўәлаятының «Baxodir Log‘on Tekstil» кластеринен инфраструктураларды жаңалаў ушын қайырқомлық жәрдем есабында қурылыс материаллары алып келинген еди. Ҳәзирги ўақытта усы тийкарда жумыслар қызғын түрде даўам еттирилип атыр. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақларда алып барылып атырған жумысларды барып көрди ҳәм пуқаралар менен ушырасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Аймақта бүгин жумыслар қызғын, атап айтатуғын болсақ, бурын жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы көшелерге қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылмақта. Буннан тысқары, мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў ҳәм зәрүрлерин шиферлап бериў, электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде ескирген бағаналарды темир-бетон бағаналарға алмастырыў, ишимлик суўы тармағын тартыў ҳәм газ трубаларын оңлаў сыяқлы бир қатар жумыслар даўам етпекте.
Барлық жумыслар «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған елимизде бундай ийгиликли жумыслар даўам еттирилиди ҳәм барлық реформа, жаңаланыўлар ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы тәмийинленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети