Жоқарғы Кеңес Баслығы студент жаслар менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести
1816
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жаслар менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардын озық-ойлы, билимли ҳәм келешекте Ўатанымыздың раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосатуғын жетик инсанлар болып жетисиўи ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылғанлығын атап өтти.
Жақыннан сәўбетлесиў усылында өткерилген ушырасыўда студент жаслардың пикирлери ҳәм жаңа идеялары тыңланды.
Атап өтиў орынлы, ертеңги келешек ийелери болған жаслар тәрепинен бир қатар әҳмийетли усыныслар да билдирилди ҳәм өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен олардың ҳәр қандай басламалары қоллап-қуўатланатуғынлығы, талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў ушын барлық имканиятлар иске салынатуғынлығы айрықша тилге алынды.
Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, жаңа реформаларды әмелге асырыў мәмлекет сиясатының баслы бағдарларынан бирине айланған. Мәмлекетимизде жасларды жоқары билимли, физикалық ҳәм руўхый жақтан кәмил инсан етип тәрбиялаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын зәрүр болған шараятларды жаратыў бойынша бир қатар илажлар алып барылмақта.
Бүгинги күнге келип Қарақалпақстан Республикасында жоқары оқыў орынларының саны 10 ға жетти. Соннан Қарақалпақстан медицина институты, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтлары өз алдына институт болып қайта шөлкемлестирилди. Нәтийжеде жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў дәрежеси 2016-жылы 9 процентти қураған болса, бүгинги күнге келип бул көрсеткиш 36 процентке жетти. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларында жәми 59 мыңнан аслам жасларымыз билим алмақта.
Жақыннан сәўбетлесиў түринде өткерилген ушырасыў даўамында бундай ушырасыўлар жийи-жийи өткерилип туратуғынлығы ҳәр бир жоқары оқыў орынларында жаслардың пикирлери тыңланыўы атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети