Президент Қарары менен Төрткүл районында аймақ турғынларын жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табылып атыр
1221
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарары шеңберинде Төрткүл районында ишки хожалық жолларын оңлаў, суў тармақларын жаңадан тартыў ҳәм реконструкциялаў, суў душшыландырыўшы объектин реконструкциялаў, мәҳәлле имараты менен пиядалар жолын қурыў, трансформаторларды жаңалаў, газ тармақларын оңлаў режелестирилген. Бул жумысларды әмелге асырыўға 33 млрд. 187 млн.сўм қаржы ажыратылған ҳәм бул жумыслар жеделлик пенен даўам етпекте.
Атап өтиў орынлы, районда басланған кең көлемли жумыслар шеңберинде барлық шараяты аўыр мәҳәлле пуқаралар жыйынларына кирип барылады ҳәм бул жумыслар бүгинги күнде де қызғын түрде даўам етпекте.
Райондағы «Жаслық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары шеңберинде 8 км узынлықтағы 19 көшеге қум-щебень араласпасы төселди ҳәм шаң-тозаңлы көшелер тас жолларға айландырылды. Буннан тысқары, аймақты электр энергиясы, тәбийғый газ бенен турақлы түрде тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде электр бағаналары ҳәм газ тармақлары жақсыланды, 50 ден аслам үйлердиң фасадлары оңланды.
Көшелердиң көринисин көркейтиў мақсетинде тереклерге форма берилип, жап ҳәм салмалар тазаланды.
Улыўмаластырып айтқанда, пуқараларды жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларды шешиў бойынша әмелий жумыслар даўам етпекте.
Елимизде жолға қойылған “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде райондағы шараяты аўыр шаңарақларды қыс мәўсиминен бийзыян алып шығылыўын тәмийинлеў, материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ-жайларын оңлап, зәрүрлерин шиферлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша да жумыслар бүгинги күнде турмыста өзиниң әмелий көринисин таўып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети