Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағындағы социаллық тармақлар белсендилери болған бир қатар блогерлер менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағындағы социаллық тармақлар белсендилери болған бир қатар блогерлер менен ушырасты
1736
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағындағы социаллық тармақлар белсендилери болған бир қатар блогерлер менен ушырасты.
Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен сөз еркинлигин тәмийинлеўге ҳәм ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, социаллық тармақ белсендилерин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Өткерилген ушырасыў да шын мәнисинде елимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әмелий көринисиниң бири болды десек алжаспаған боламыз.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, пуқаралар турмысындағы унамлы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди. Буннан соң өз-ара пикир алысылды. Ҳақыйқатында да, Жоқарғы Кеңес Баслығы блогерлер менен ашық-айдын сәўбетлести ҳәм өз нәўбетинде блолерлер тәрепинен бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.
Жақын мүнәсибетлер ҳәм ашық-айдын пикир алмасыў формасында өткерилген ушырасыўда буннан былайда халық ҳәм басқарыў уйымлары арасында бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм бул орында социаллық тармақ белсендилериниң хызметин асырыў зәрүрлиги атап өтилди. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети