Жоқарғы Кенес Баслығы экология мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1299
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев экология мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген мәжилисте экология ҳәм тәбиятты қорғаў, аймақларды көклемзарластырыў тараўында әмелге асырылыўы тийис баслы ўазыйпалар қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық жағдайды жақсылаў, пуқаралар ден саўлығына ҳәр қыйлы шығындылар тәсириниң алдын алыў, турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм утилизация қылыў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылып атыр. Тилекке қарсы, бул алып барылып атырған жумысларда бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қойылып, белгиленген ўазыйпалар талап дәрежесинде орынланбай атыр.
Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тараўда жол қойылып атырған кемшиликлерди ҳәм артта қалыўшылық жағдайларын сынға алды.
Сондай-ақ, бир қатар мәселелер, соның ишинде жасыл мәкан улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, Тоғай хожалықлары тәрепинен мийўели ҳәм декоратив терек нәллери ҳәм шөл өсимликлери туқымларын таярлаў жумыслары, жеке секторлар менен биргеликте шарўашылықты раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, экологиялық қадағалаўды алып барыў, шығындылар менен ислесиў, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларына тереклерди егиў ҳәм оларды сақлаў, аўыл хожалығы жерлерин самал ҳәм суў эрозияларынан қорғаў жумыслары бойынша мәселелер көрип шығылды.
Соның менен бирге, қорғалатуғын тәбийий аймақлар, Судочье-Акпетки мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы, Сайгачий комплекс мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы, Қубла Үстюрт миллий тәбият бағы жумыс алып барыўы ҳәм Аралбойы инновация орайының жумыслары бойынша бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар талқыланды.
Өткерилген мәжилис даўамында жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети