Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық биринши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1661
2023-жылдың 21-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық биринши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша комитет баслығы М.Джуманиязов баянат жасады.
Онда 2022-жыл даўамында республикамыз аймағында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, әтирап-аймақтың тазалығын сақлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.
Кейинги мәселе, яғный, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2022-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиев баянат жасады.
Өткерилип атырған сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-408-санлы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети аймақлық филиалы директоры А.Нурымбетов баянат жасады.
Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарда белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў, халыққа турақлы түрде электр энергиясы жеткерип берилиўин тәмийинлеў, бул бағдарда энергия тармақларын жақсылаў, трансформатор пунктлерин оңлаў, ескилерин жаңасына алмастырыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып атыр. Сессияда усы орынланып атырған жумысларға кең түрде токталып өтилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Өткерилип атырған сессияда Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы А.Тилеумуратов баянат жасады.
Гезектеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе 2022-жылда пуқаралар ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов ҳәм Ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесовлар баянат жасады.
Мәселе толығы менен қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе 2022-жыл даўамында пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша әмелге асырылған илажлар ҳаққында У.Панаевтың мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде пуқаралар менен тығыз ислесиўши, бириншилер қатарында олардың машқалаларынан хабар табыўшы уйым жергиликли мәҳәлле пуқаралар жыйыны есапланады. Олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў бағдарында қолайлы шараят жаратып бериў зәрүр ҳәм бул бағдардағы жумыслар бүгинги күнде орынларда даўам еттирилмекте.
Сессияда усы мәҳәлле пуқаралар жыйынлары әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша тапсырма берилди.
Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселе бойынша арнаўлы қарар кабыл етилди.
Сессияның қүн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ағзасын сайлаў ҳаққында болды. Конституциялық бақлаў комитетиниң ағзалығына Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Каллибеков Тоғайторе Шыныбековичтиң кандидатурасы усыныс етилди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм Т.Каллибеков Конституциялық бақлаў комитетине ағза болып сайланды.
“Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 17-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң ағзасы болып биринши мәрте сайланған шахслар ант бериўи белгиленген. Конституциялық бақлаў комитетине ағза болып сайланган Каллибеков Тоғайторе ант берди.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында болды.
Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети