Мәлимлеме технологиялары тараўындағы ўазыйпалар додаланды
1351
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-февраль күни тараў ҳәм аймақларда санластырыў процесин жеделлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Кейинги үш жылда мәлимлеме технологиялары тараўына үлкен итибар қаратылғаны өз нәтийжесин берип атыр. Өткен жылы IT-парк резидентлери 5 триллион сум муғдарындағы хызметлер көрсеткен, 140 миллион доллар муғдарындағы хызметлерди экспорт еткен.
715 мәмлекетлик хызметтен 370 и санлы платформаға өткерилген болып, олардан өткен жылы 12 миллион халық пайдаланған. Санластырыў нәтийжесинде 70 тен аслам түрдеги мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди халықтан талап етиў бийкар етилген.
Бирақ, булар еле жетерли емес. Тараў ҳәм аймақларда ислениўи керек болған жумыслар көп. Атап айтқанда, министрликлердиң 5 мың функциясынан тек ғана 30 проценти санласқан. Халық ең көп мүрәжат ететуғын ишки ислер, әдиллик, стандарт, денсаўлықты сақлаў тараўларында онлаған хызметлер электрон формаға өткерилмеген.
Мәлимлеме технологиялары тараўында өнимниң де, экспорттың да тийкарғы бөлеги Ташкент қаласына туўра келип атыр. Қарақалпақстан, Бухара, Наманган, Сурхандәрья Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятында IT-парклер елеге шекем қурып питкерилмеген.
Мәжилисте усы кемшиликлер талланып, алдағы ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары тараўындағы хызметлер экспортын келешекте 1 миллиард долларға жеткериў режелестирилген. Буның ушын кеминде 100 мың маман программист, IT-архитектор, оператор ҳәм инженерлер керек. Аймақларда жоқары тезликтеги интернет тармағын кеңейтиў керек. Сырт елли IT-компаниялардың көбейиўи ушын және де қолайлы орталық жаратыў зәрүр. Халық ҳәм исбилерменлер ушын ең зәрүр болған жаңа электрон хызметлерди иске қосыў керек.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы имканиятларды көрсетип өтти.
Бәринен бурын, Ташкент қаласында сынақтан өткен жойбарлар барлық ўәлаятларда енгизилетуғыны белгиленди. Атап айтқанда, пайтахтымызда Санлы геопортал, Санлы турақ жай коммуналлық, Халық қадағалаўы сыяқлы системалар иске қосылған еди. Қала ҳәкимлигинде Санлы раўажланыў департаменти дүзилген еди. Енди бул департамент Санлы технологиялар министрлигине өткерилип, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында санластырыўға жуўапкер болатуғыны атап өтилди.
Барлық бизнес процесслер ҳәм халық ушын ең зәрүр хызметлерди толық санластырып, интеграциялаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Бир ғана мысал: алдын мектеп оқыўшыларының бирден-бир базасы болмағаны себепли мектеплерде класслардың муғдары ҳәр қыйлы болған. Өткен жылы сентябрьде мектеп, бақша, ПҲАЖ ҳәм ишки ислер уйымларының мағлыўматлары сәйкеслестирилгени нәтийжесинде тийкарсыз ашылған 4 мың класс қысқартылған ҳәм 350 миллиард сум бюджет қаржылары үнемленген.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жумысларды басқа да тараўларда әмелге асырыў мүмкин екенин атап өтти. Экономика ҳәм қаржы министрлигине бул мақсетлер ушын қаржы ажыратыў, сондай-ақ, санластырыў есабынан жумсалған қаржылардың ярымын министрликлер ҳәм ҳәкимликлердиң өзинде қалдырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Санлы технологиялар министрлигине 26 мәлимлеме системасын Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталына бирлестирип, ондағы хызметлер санын 570 ке жеткериў ўазыйпасы қойылды.
– Санластырыўдан мақсетимиз не өзи? Адамларды разы етиў, инсан қәдирин орнына қойыў, әдилликти тәмийинлеў, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент жасларды мәлимлеме технологияларына оқытыў, жумыс ислеўине шараят ҳәм өними ушын базар жаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Бул бағдарда, 1-апрельден «Электрон ҳүкимет», «Бизнес ушын бағдарлама», билимлендириў бағдарламалары бойынша сыйлық қоры 1 миллион доллар муғдарындағы Республикалық таңлаў басланатуғыны жәрияланды. Сондай-ақ, аймақларда жаслар жаратқан 50 ең жақсы программа Санластырыў қорлары есабынан сатып алынады.
Кейинги еки жылда елимизде 215 IT-билимлендириў орайлары ашылған. Бундай мәкемелерди және олардың питкериўшилерин қоллап-қуўатлаў ушын финанслық жеңилликлердиң берилетуғыны айтылды. Соның ишинде, экспортшы компанияларға жумысқа жайласқан ҳәр бир қәниге ушын 25 миллион сумға шекем, имканияты шекленген жасларға болса 35 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады. IT-сертификаты бар жасларға компьютер сатып алыўы ушын жеңиллетилген кредит олардың жеке пластик картасына өткерип бериледи.
«Бир миллион программист» жойбары да өз нәтийжесин берди. Ҳәзирги ўақытта IT-парклер қәнигелериниң көпшилиги усы бағдарламаны питкерген жаслар есапланады.
Енди жасларды «Coursera» платформасы арқалы оқытыў да кеңейтиледи. Олардың арасынан ең қәбилетлилери таңлап алынып, өз алдына бағдарлама тийкарында халықаралық IT-базар ушын таярланады.
Мәжилисте тараўдағы экспортты көбейтиў мәселесине де айрықша тоқтап өтилди. Усы жылы бул көрсеткишти 300 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.
Мәмлекетимиз басшысы буның ушын сырт ел буйыртпаларын тартыўға қосымша шараятлар жаратыў зәрүрлигин атап өтти. Сол себепли IT-паркте сырт елли компаниялар ушын Санлы финанс технологиялары орайын дүзиў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлеме ҳәм усыныслары тыңланды.