Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды
1224
Жақында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-87-санлы Пәрманында көрсетилген илажларды әмелге асырыў бойынша бүгинги күнде Республика көлеминде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердеги қәнигелерден ибарат исши топар дүзилген.
Мәжилисте шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, аўыр социаллық аўҳалға түсип қалғанлар ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық жәрдемлер көрсетиў, оларға мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер бойынша билим ҳәм көнликпелерди ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, аўыллық орынлардағы ҳаял-қызларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке кеңнен тартыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳәр бир тараўда ҳаял-қызлардың интелектуаллық қәбилйетинен, әдәлатлы шешим қабыллаў сыяқлы пазыйлетлеринен нәтийжели пайдаланыўды еле де жетилистириў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылып атыр. Усы тийкарда олар ҳәр бир тараўда өзин унамлы тәрептен көрсетип, ҳәр қандай жумысты минсиз атқарыўда үлесин қосып келмекте.
Өткерилген мәжилис жуўмағында алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынып, тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети