Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районында Президент қарары орынланыўы барысын көзден өткерди
1659
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районында болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы Бозатаў посёлка пуқаралар жыйыны Мәденият аўылында болып, аўыл турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда пуқаралар менен жақыннан сәўбетлесип, олардың машқалаларын тыңлады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары бойынша әмелге асырылып атырған ишимлик суў ҳәм ишки жолларды оңлаў жумысларын көзден өткерди ҳәм қурылыс жумысларын өз ўақтында сапалы етип жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябр күнги "Мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-408-санлы қарарына тийкар 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Бозатаў районы аймағында 9 млрд 297 млн сўмлық ислениўи зәрүр болған 6 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген. Соннан 4,3 млрд. сўмлық ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 4 жойбар, 5 млрд. сўмлық суў тармақларын қурыў ҳәм оңлаў бойынша 2 жойбар әмелге асырылады.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайындағы Бозатаў текстил кәрханасы жумысларын көзден өткерди.
Атап өтиў орынлы, тигиўшилик ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрхана жумыслары қайта шөлкемлестирилип, бүгинги күнде 270 тен аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған ҳәм бир қатар ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул жерде жумысшылар ушын жаратылған шараятлар, кәрхананың жумыслары, әсбап-үскенелердиң ислеў қуўатлылығын көрип шықты ҳәм кәрханада мийнет етип атырған ҳаял-қызлар менен жақыннан сәўбетлести.
Сонғы жыллары халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, оларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, әсиресе, алыс аймақ турғынлары машқалаларына унамлы шешим табыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылып атыр. Бозатаў районында әмелге асырылып атырған жумыслар да мине усы «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында турмысқа енгизилип атырған жумыслардың әмелий көриниси десек алжаспаған боламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети