«Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти
2016
Усы жылдың 23-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимизде миллетлераралық татыўлық, дослықты беккемлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди еле де жетилистириўге бағдарланған илажлардың әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Сондай-ақ, илажда бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликли түрде жасап, мийнет етип, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қаралып, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылғанлығы, бул бағдарда мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тили, көркем өнер ҳәм мәденияты, миллий қәдириятларын раўажландырыўда 150 ге шамалас мәдений орайлар нәтийжели жумыс алып барып атырғанлығы ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Буннан соң, дослық фестивалы шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти, бир қатар көркем өнер шеберлери ҳәм студент-жаслар қатнасыўында концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети