Жоқарғы Кеңес Баслығы атқарыў тәртибин беккемлеў, басшылардың жуўапкершилиги ҳәм жумыс алып барыў нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1344
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәр бир тараў ҳәм орынларда атқарыў тәртибин беккемлеў, басшылардың жуўапкершилиги ҳәм жумыс алып барыў нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Жәмийетимиздиң барлық тараўларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы биринши нәўбетте, басқарыў уйымларының барлық буўынларында атқарыў тәртибиниң жетерли дәрежеде шөлкемлестирилиўи менен байланыслы.
Өткерилген мәжилис те усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилиги, тараў басшылары тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында сапалы түрде орынлаўы, өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қараўы мәселелерине арналды.
Тилекке қарсы, айырым министрлик, басқарыў уйымлары, жергиликли ҳәкимиятлар тәрепинен атқарыў тәртибин қадағалаўды сапалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар талап дәрежесинде жолға қойылмай атыр. Өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен өз ўазыйпаларын орынлаўда артта қалып атырған тараўлар сынға алынды.

Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарлары, протоколлары, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң қарарларында белгиленген ўазыйпалар тийкарында берилген тапсырмалардың орынланыўында артта қалыўшылықларға жол қойылып атыр.
Қала ҳәм районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында бир қатар жойбарлар Мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилмегенлиги ҳәмде қаржыландырыў мәселеси шешилмегенлиги себепли қурылыс-оңлаў жумыслары алып барыўға байланыслы болған айырым тапсырмалар усы күнге шекем орынланбай атыр.
Соның менен бирге, бүгинги күнде халықтың кеўил-кейпиятына тиккелей тәсир етиўши ҳәм халықты қыйнап киятырған социаллық-экономикалық, жол қурылыс ҳәм коммуналлық мәселелер, сондай-ақ, басқа да тараўларда орын алған бир қатар машқалалы мәселелер анықланып, олардың дизими қәлиплестирилген болыўына қарамай, бул бойынша тийисли “Жол картасы” ислеп шығылмаған.
Буннан тысқары, атқарыў тәртиби системасы арқалы келип түскен тапсырмалардың айырымларының мүддети өтип кетиўине жол қойылған.

Усылар менен бир қатарда, айырым тапсырмалар жүзеки орынланғанлығы себепли қайта қадағалаўға алыныўы жағдайлары да ушыраспақта. Буннан тысқары, айырым қарарларда берилген тапсырмаларда белгиленген талаплар толық орынланбаған.
Усылар менен бир қатарда Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 29-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары хаққында”ғы Пәрманында белгиленген талаплар толық орынланбай атыр.
Сондай-ақ, республика көлеминде берилген тапсырмаларды орынлаўда, белгиленген ўазыйпаларды атқарыўда да бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта.
Өткерилген мәжилисте орынларда тийисли басшылар тәрепинен қадағалаўға алынып, ўазыйпалардың орынланыўында жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық мүддет ҳәм тапсырмалар берилди.
Мәжилис жуўмағында алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети